2019-жылда жетистирилген пахта зүрәәтин қысқа мүддетте сепситпей жыйнап-терип алыў ҳәм теримшилерди хошаметлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң шөлкемлестириўи менен ҳәр бир районда усы жылдың 13-октярбрь сәнесинен баслап 23-октябрьге шекем «10 күнде ең көп пахта терген шаңарақ» таңлаўы жәрияланды.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәр бир район ҳәкимликлери тәрепинен:

1-орын ушын – 1 Мототележка

2-орын ушын – 1 Музлатқыш

2-орын ушын – 1 Телевизор

Кейинги орын ийелери де қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Таңлаў шәртлери бойынша жеңимпазлар 10 күнде ең көп пахта терген шаңарақлар арасынан таңлап алынады ҳәм жеңимпазлар районлық исши топар тәрепинен көрип шығылады.

Таңлаў бойынша қосымша мағлыўмат алыў ушын район ҳәкимликлерине мүражат етиўиңизге болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги