Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-октябрь күни шарўашылық ҳәм бағшылық тармақларын раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз аўыл хожалығы тараўының раўажланыўында бул тармақлардың әҳмийетли екенлиги есапқа алынып, кейинги еки жылда Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, «Өзбекшарўанәсил», Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў, Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентликлери шөлкемлестирилди.

Мәжилисте шарўашылық тармағында орынланған жумыслар ҳәм келешектеги режелер додаланды. 2019-жылда «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасы шеңберинде шарўашылықты раўажландырыў ушын 1 триллион 603 миллиард сум, қусшылыққа 332 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Нәтийжеде майда шарўа малларының саны 550 мың басқа, қуслардың саны 6 миллион 130 мыңға көбейди.

Мәжилисте халықты арзан гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар жетерли дәрежеде емес деп баҳаланды. Шарўашылық тармағының әҳмийетли мәселеси есапланған үзликсиз от-жем тәмийнатын жолға қойыў мәселеси додаланды. Бүгинги күнде шарўашылықта от-жемге болған талап тек ғана 30-35 процентке қанаатландырылады. Атап айтқанда, қусшылықта азықлық затлардың 85 проценти импорт есабынан тәмийинленеди.

Қарақалпақстанның Тахтакөпир, Қоңырат, Кегейли ҳәм Мойнақ районларында 1 миллион гектар пишензарлық ҳәм жайлаў жерлеринде 182 мың бас шарўа малларын бағыўға мөлшерленген 486 жойбар ислеп шығылды.

Жуўапкерлерге 2019-2021-жылларда 300-500 бас шарўа бағыўға мөлшерленген 270 шарўашылық комплексин ҳәм cүтшилик кәрханасын шөлкемлестириў жумысларын жеделлестириў тапсырылды.

Шарўашылық тараўында жоқары нәтийжеге ерисиў ушын, бәринен бурын, нәсилшилик мәселелерине айрықша итибар қаратыў керек. Мәжилисте Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигине сырт ел тәжирийбелери тийкарында нәсилшиликти раўажландырыў ҳәм өнимниң баҳасын түсириў ушын қәрежеттиң бир бөлегин субсидиялаў механизмин ислеп шығыў бойынша тапсырма берилди.

Бағшылық тараўына байланыслы мәселелер де күн тәртибине қойылды. Усы жылдың 9 айында мийўе-овощ экспорты дерлик 1 миллиард АҚШ долларына жетти. Бос жерлерден нәтийжели пайдаланыў, талап жоқары болған егинлердиң сортларын жетистириў нәтийжесинде келешекте бул көрсеткишти және де арттырыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Президентимиз бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың еле талап дәрежесинде емес екенлигин атап өтти. Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының Қибрай ҳәм Ташкент районларындағы бағлардың 912 гектары ямаса 20 проценти, жүзимгершиликтиң 164 гектары ямаса 13 проценти ески ҳәм нәтийжесиз екенлиги анықланды. Буннан тысқары, пайдаланылмай атырған 1400 гектар суўғарылмайтуғын, сондай-ақ, ғәлле егилип атырған 4040 гектар жерлер бар. Бул районларда аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислейтуғын 19 кәрхана 50 процент қуўатлылықта ислемекте.

Сол себепли, мийўе-овощға қәнигелескен барлық 55 районда бағшылық тараўында путкиллей жаңа система енгизиледи. Оған бола, сырт ел базарларында өз товар белгисине ийе болған экспортшылар және қайта ислеўши кәрханалардың қатнасыўында усы районларда кооперациялар шөлкемлестириледи. Ҳәр бир районда егинлерди жайластырыў кооперацияларының усынысы бойынша әмелге асырылады, олар бағ ҳәм жүзимгершиликке нәллерди жеткерип бериў, өнимдарлықты арттырыў бойынша жәрдем береди. Сондай-ақ, бағшылыққа қәнигелескен ҳәр бир районда агротехникалық илажларды дурыс әмелге асырыў ушын оқыў орайларын ашыў ўазыйпасы қойылды.

Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлигине жаңа системаны енгизиў, кооперацияларды финанслық жақтан тәмийинлеў бойынша анық әмелий усынысларды ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалардың мақсети мийўе-овощ өнимлериниң экспорты көлемин жылына 5 миллиард долларға жеткериўден ибарат.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды ҳәм келешекте әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

ӨзА