USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӘЗЕЛИЙ ДОСЛЫҚ ҲӘМ ТУЎЫСҚАНЛЫҚ ҚАТНАСЫҚЛАРЫНЫҢ ЖАҢА ДӘЎИРИ

Әзербайжанның пайтахты Баку қаласында 15-октябрь күни Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң жетинши саммити болып өтти.

Саммитте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков, Қазақстан  Республикасының Биринши Президенти-Елбасы Нурсултан Назарбаев қатнаспақта.

Әнжуманда бақлаўшы мәмлекет сыпатында Венгрия Бас министри Виктор Орбан, сондай-ақ, Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Пурли Агамуродов қатнасты.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев саммитти ашып берип, Президент Шавкат Мирзиёевти Өзбекстанның Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағза болғаны мүнәсибети менен қутлықлады. Өзбекстан басшысының бул қарары түркий тиллес мәмлекетлердиң аўызбиршилигине ҳәм избе-из раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Хақыйқатында да, Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси саммитинде биринши мәрте толық ҳуқықлы ағза сыпатында қатнасты. Мәмлекетимиз бул абырайлы халықаралық структураға быйыл қосылды.

Шавкат Мирзиәевтиң ашық ҳәм прогматикалық түрдеги сиясаты, узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен өз-ара қатнасықларды беккемлеў бағдарындағы басламасы себепли кейинги жылларда Өзбекстанның дослары, ийинлеслери көбейди. Қоңсы, жақын ҳәм узақ мәмлекетлер менен пүткиллей жаңа – саламат сиясий ҳәм экономикалық байланыслар жолға қойылды. Халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары, жаңа механизмлери енгизилмекте.

Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси әне сондай жаңа байланыс майданларынан бири есапланады. Бул шөлкем 2009-жыл 3-октябрьде Әзербайжанның Нахичеван қаласында дүзилген болып, дәслеп оған Түркия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан ағза еди.

d322de73-3a49-0db6-3253-6c4cc34022fd.jpg

Кейинги жылларда бул мәмлекетлер менен байланыслар беккемленди. Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар әмелге асырылды. Президентимиз 2018-жыл 3-сентябрь күни Қырғызстанның Шолпаната қаласында болып өткен саммитте ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы Шолпанатадағы саммитте халықларымызды әзелден уқсас тил, бирдей мәнаўий қәдириятлар ҳәм бирге ислесиў байланыслары бир-бирине байланыстырып киятырғаны, Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси шеңберинде өз-ара пайдалы шериклик ушын кең имканиятлардың бар екенлигин атап өтип, бул бойынша тийкарғы бағдарларға тоқтап, бир қанша әҳмийетли басламаларды алға қойған еди. Дәслепки басламалардың әмелге асырылып басланғанына бүгин бәршемиз гүўа болмақтамыз. Атап айтқанда, усы жыл 5-октябрьде Ташкентте Түркий тиллес мәмлекетлердиң Исбилерменлер кеңеси бизнес форумы өткерилди. Онда Өзбекстан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Венгриядан 500 ден аслам исбилермен қатнасты.

Өзбекстан менен шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы байланыслар жедел раўажланып, оларды ҳуқықый жақтан буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги пайда болды. Усы жыл 14-сентябрьде Өзбекстан Республикасы Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван келисимин ратификациялады. Бул баслама шөлкемниң кеңейиўи ҳәм оның халықаралық майдандағы абырайының артыўында исенимли қәдем болды. Сол себепли барлық ағза мәмлекетлер Өзбекстанның бул қарарын қанаатланыўшылық пенен қабыл етти. Рәсмий адамлар, экспертлер халқымыздың түркийлер тарийхындағы орнын, бүгинги потенциалын тән алды.

Тийкарында түркий халықлардың келип шығыў тарийхы бизиң эрамызға шекемги мың жыллықларға барып тақалады. Түрк қағанлығы, Қараханийлер, Ғазнаўийлер, Салжуқийлер ҳәм Хорезм шахлар сыяқлы әййемги түркий мәмлекетлер өз дәўириниң ең қүдиретли династияларынан болған. Олардың тәсиринде түркий тил ҳәм турмыс тәризи кеңнен ен жайып, илим, мәденият ҳәм көркем өнер жоқары дәрежеде раўажланған, көплеген белгили уламалар жетисип шыққан. Олардың үлкен ойлап табыўлары, бийбаҳа шығармалары тек ғана түркий тиллес халықлар ушын емес, ал пүткил дүнья цивилизациясына салмақлы үлес болып қосылды.

Түркий халықлар арасындағы жақынлық тек ғана бирдей мәденият, тил, дин ҳәм уқсас қәдириятлар менен емес, ал әййемнен саўда байланыслары жолға қойылып, өз-ара қатнас, бирге ислесиў әмелге асырылғаны менен байланыслы. Бул қатнасықлар бурынғы аўқам дәўиринде үзилип қалған, шекленген болса да, бирақ ғәрезсизлик жылларына келип туўысқанлық сезими ески өзегин тапты. Бурынғы аўқам қурамындағы түркий мәмлекетлерди миллий өзликти аңлаўға итибар күшейди, тарийхый дәстүрлер қайта тикленди, түркий тиллес мәмлекетлер менен өз-ара байланыслар жеделлести.

Түркий тилде сөйлесетуғын мәмлекетлердиң басшылары 1990-жыллардың басынан баслап тили, кеўли, мәденияты ҳәм диний исеними ортақ болған туўысқан халықлардың тең ҳуқықлы жәмийетшилигине тырнақ тасын қойған.

4ea61cbd-6a5a-54e7-5bbd-d4afe9c1560b.jpg

2009-жылда Әзербайжанның Нахичеван қаласында Түркия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан бул дослық ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесин дүзиў ҳаққында келисип алды. Шөлкем жумысының тийкарғы принциплери 2016-жылда қабыл етилген Станбул декларациясында белгилеп қойылды.

Шөлкемниң қурамы Түркий тиллес мәмлекетлер басшыларының кеңеси, Сыртқы ислер министрлери кеңеси, Үлкен лаўазымлы шахслардың комитети, Ақсақаллар кеңеси ҳәм Бакудеги Парламент ассамблеясы, Нур-Султанда Түрк академиясы, Анқарада Түрк мәденияты халықаралық шөлкеминен ибарат. Түркий кеңестиң секретариаты Станбул қаласында жайласқан.

Бүгинги күнде түркий тиллес мәмлекетлерде жасап атырған халықлардың улыўма саны 150 миллионнан өтеди. Бул кеңеске ағза мәмлекетлердиң аймағы дерлик 4 миллион квадрат километрди қурайды. Өзбекстан қосылғаннан кейин Түркий кеңестиң абырайы, потенциалы ҳәм әҳмийетлилиги жағынан Евроазия орайындағы үлкен структураға айланды.

Бул шөлкемниң тийкарғы мақсети туўысқан мәмлекетлер арасында исеним ҳәм байланысларды беккемлеў, саўда-экономикалық, транспорт, энергетика, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў, регионда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди муўапықластырыўдан ибарат.

Өзбестанның бул халықаралық шөлкемге қосылыўы мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатындағы тарийхый қәдемлерден болып, мәмлекетимиз, халқымыз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Ал, Түркий кеңеске ағзалық не береди?

Бәринен бурын Өзбекстанның сыртқы сиясатында жаңа бағдар ашылды, мәмлекетимиз орайлық Азия ҳәм оннан кеңирек регионда жумыс алып барып атырған және бир үлкен халықаралық шөлкемниң тең ҳуқықлы ағзасы болды. Ҳәзирги ўақытта халқымыздың миллий өзлиги, узақ өтмиши, тили, тарийхый келип шығыўы ҳәм қәлиплесиўи менен байланыслы әзелий қәдириятлары және қоңсы ҳәм узақ туўысқан мәмлекетлер менен дослық байланыслары қосымша қураллар менен беккемленди.

Сондай-ақ, Түркий кеңеске ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер менен тек ғана еки тәреплеме емес, ал көп тәреплеме форматта ҳәм тиккелей бирге ислесиўди раўажландырыў имканияты жаратылды.

Президент Шавкат Мирзиёев саммитте шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның шөлкемге ағза болыўы, ҳеш қандай гүмансыз тәбийғый ҳәм тарийхый процесслердиң көриниси екенлигин атап өтти. Елимиз топырағында ортақ тарийхымыздың белгили бетлериниң жазылғаны, жәҳән илим ҳәм мәдениятына оғада үлкен үлес қосқан Муҳаммед Хорезмий, Аҳмад Ферғаний, Абу Райхан Беруний, Ибн Сина, Мырза Улығбек сыяқлы ойшыллар, муқаддес динимиздиң тарийхында өшпейтуғын из қалдырған Имам Бухарий, Имам Матуридий, Имам Термизий, Баҳаўиддин Нақшбанд сыяқлы белгили уламалар, түркий дүньяны қәлем менен бирлестирген Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы шайырлар тек ғана өзбек халқының емес, ал бәршениң мақтанашы екенлигин атап өтти.

– Түркий кеңеске ағзалаық халқымыздың түпкиликли мәплерине толық жуўап береди. Бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасында тек ғана мәдений-мәнаўий байланыслар емес. ал саўда-экономикалық қатнасықлар да жаңа басқышқа көтерилмекте. Кейинги үш жылда мәмлекетлеримиздиң өз-ара саўда көлеми дерлик еки есеге өсти, мыңнан аслам жаңа биргеликтеги ширкетлер ашылды. Транспорт қатнаўы кеңеймекте, визасыз тәртип тийкарында туристлердиң ағымы барған сайын көбеймекте, халықларамыздың туўысқанлық қатнасықлары беккемленбекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев саммиттиң күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер арасында тиккелей ҳәм исенимли байланысларды орнатыў ушын ең қолайлы шараятларды жаратып бериўди әҳмийетли ўазыйпа сыпатында атап өтти. Бул бағдарда бирегликтеги технопарклер, стартап инновациялық компаниялары ҳәм венчур фондларын шөлкемлестириўди. биргеликтеги инвестициялық фондын ҳәм түркий мәмлекетлердиң саўда үйлерин биргеликте қурыў басламасын алға қойды.

Президентимиз басламасы менен жақында Ташкентте табыслы өткерилген Түркий тиллес мәмлекетлердиң Исбилерменлер кеңеси мәжилиси ҳәм Инвестициялық форумы әне усы мақсетке қаратылған еди. Түркий кеңестиң жетинши саммити шеңберинде Бакуде шөлкемлестирилген бизнес форумда мәмлекетимиздиң экономика тармақлары, аймақлар ҳәм исбилерменлик субъектлеринен 120 ўәкил қатнасты. Бизнес форумның жуўмағына бола мәмлекетимизден Әзербайжанға  автомобильлер, турмыслық техникалық үскенелер ҳәм басқа да товарларды жетерип бериў бойынша улыўма баҳасы 430 миллион АҚШ долларынан аслам болған 75 шәртнамаға қол қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы өз шығып сөйлеўинде үлкен транспорт-коммуникациялық жойбарларды әмелге асырыў Орайлық Азия-Түркия транспорт жолы арқалы Европа, Қытай ҳәм Қубла Азия базарларына шығыў ушын салмақлы имканиятларды жарататуғынын, «Баку-Тбилиси-Карс» жаңа темир жолының потенциалынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Транспорт ҳәм логистика орайларын қурыўда ағза мәмлекетлер аймағындағы теңиз портларының заманагөй инфраструктурасын иске қосыў және сыртқы саўда жүклерин тасыўда Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер ушын өз-ара келисилген шегирме ҳәм жеңилликлерди қолланыў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.

Шавкат Мирзиёев туристлик тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириў зәрүр екенин атап өтти және Өзбекстан  Шөлкемниң өткен жылы ислеп шығылған «Заманагөй Жипек жолы» туристлик бағдарламасында белсене қатнасыўға таяр екенлигин билдирди. 2020-жылда гөззал Хийўа «Түркий дүньяның мәденият пайтахты» деп жәрияланыўы туўысқан халықларымызды және де жақынластырыўға, мәңги дослығымызды беккемлеўге үлкен үлес қосатуғынын атап өтти.

Президентимиз Кеңеске ағза мәмлекетлер халқының 40 проценттен асламы жаслар екенинен келип шығып, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў мақсетинде Түркий кеңес шеңберинде Жас исбилерменлер форумын енгизиў ҳәм оның биринши мәжилисин келеси жылда Өзбекстанда өткериўди усыныс етти.

Өзбекстан Президенти мәдений-гуманитарлық тараўлардың әҳмийетине айрықша тоқтап, Кеңеске ағза мәмлекетлер әдебиятының ең сайланды үлгилеринен ибарат «Түркий әдебият ғәзийнеси» деп аталған жүз томлық китаплардың дүркинин ҳәр бир мәмлекеттиң ана тилинде басып шығарыў усынысын алға қойды.

-Биз Шөлкем жанындағы Халықаралық түркий академияға ағза болып кириўге таярмыз. Соның менен бирге, Кеңеске ағза мәмлекетлердиң заманагөй әдебият ҳәм көркем өнер, тарийх архитектура тараўында үлкен табысларға ерискен дөретиўшилерин хошаметлеў мақсетинде Халықаралық ТҮРКСОЙ сыйлығын енгизиўди усыныс етемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине басшылық Әзербайжан Республикасына өтиўи мүнәсибети менен Илҳам Алиевти қутлықлап, оған табыслар тиледи.

93b2ca76-cdbc-573c-cc53-d0d758c726bd.jpg

Түркий кеңестиң бул ретки саммити киши ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыў темасына бағышланды. Усы мүнәсибет пенен саммитте мәмлекетлердиң экономикалық бирге ислесиўи ҳәм аўызбиршиликтеги раўажланыўы менен байланыслы мәселелерде додаланды. Шөлкем шеңберинде бирге ислесиўдиң экономикалық жақтан кеңейиўи дүньядағы сиясий ҳәм экономикалық кризислерге қарсы түркий мәмлекетлердиң турақлылығын күшейтетуғыны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Делегациялардың басшылары Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң жетинши саммити декларациясын, Түркий кеңестиң муўапықластырыўшы комитетин шөлкемлестириў ҳаққындағы қарарын ҳәм басқа да ҳүжжетлерди қабыл етти.

Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер басшыларының Өзбекстан Республикасының толық ҳуқықлы ағза сыпатында Шөлкемге қосылыўы ҳаққындағы Биргеликтеги баянаты саммиттиң әҳмийетли ўақыясы болды.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифингде Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдад Амреев делегация басшыларының нәтийжели сөйлесиўи мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың мәплерине сәйкес түрде өз-ара пайдалы шерикликти орнатыў бойынша гезектеги қәдемлерди белгилеўге имканият бергенин атап өтти.

Саммит шеңберинде Баку қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғанның ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекет басшылары бир-бирин қызғын қутлықлап мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, көп қырлы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының беккемленип атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Түркия Президенти Өзбекстан басшысын мәмлекетимиздиң Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине қосылғаны менен шын жүректен қутлықлап, бул қарар еки тәреплеме байланысларды ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Сөйлесиўлерде конструктив сиясий байланысты даўам еттириў, экономика, саўда, инвестициялар, энергетика, туризм ҳәм басқа да бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының қатнасыўындағы биргеликтеги инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режеси көрип шығылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Венгрия бас министри Виктор Орбанды қабыл етти.

Ушырасыў басында Венгрия ҳүкиметиниң басшысы Президентимизди Өзбекстанның кеңеске қосылғаны менен қызғын қутлықлады. Бул шөлкем шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыў мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы шерикликти беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Сөйлесиў даўамында саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы шериклик перспективалары көрип шығылды.

Әмелий бирге ислесиўге байланыслы, бәринен бурын, аўыл хожалығы, шарўашылық, санаат, фармацевтика, туризм ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды алға қойыўда еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссияның ушырасыўларын турақлы шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Халықаралық әҳмийетке ийе, соның ишинде, Өзбекстан-Европа Аўқамы бағдарындағы шерикликтиң әҳмийетли мәселелери де көрип шығылды.

Түркий кеңестиң саммити шеңберинде Бакуде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы Нурсултан Назарбаевты Түркий кеңестиң ҳүрметли баслығы етип сайланғаны және түркий дүньяның жоқары орденине мүнәсип көрилгени менен қутлықлады.

Қазақстанның Биринши Президенти Кеңеске тийкар салыныўы ҳәм оның раўажланыўына, шөлкем шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң кеңейиўине үлкен үлес қосқаны айрықша атап өтилди.

Елбасы Нурсултан Назарбаев өз гезегинде Өзбекстанның Түркий кеңеске қосылыўы бул структураның халықаралық абырайын ҳәм бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы, сондай-ақ, глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе айрықша мәселелер додаланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжан Республикасына болған сапары жуўмақланды.

0b658fd3-7ad7-1714-3688-1c1e202389e7.jpg

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Ташкент-Баку-Ташкент