Өзбекстанда гепатит С вирусына қарсы «Софосбувир» дәрилик затының субстанциясы жаратылды, бул ҳаққында Илимлер академиясы хабар берди.

Өзбекстан ҳәм Қытай Илимлер академиялары дерлик 20 жыл даўамында илимий жақтан бирге ислесип келмекте. Соңғы 5 жыл даўамында бул бирге ислесиў өзиниң әмелий нәтийжелерин көрсете баслады.

Атап өтилиўинше, гепатит C вирусы менен зыянланған наўқасларды емлеўде қолланылатуғын «Софосбувир» препараты усы ўақытқа шекем сырттан алып келинбекте.

Сол себепли Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Өсимлик затлары химиясы институты, Қытай Илимлер академиясы Шинжан физика ҳәм химия техникалық институты және Шанхай медициналық материаллар институтының илимпазлары биргеликте «Софосбувир» дәрилик затларын ислеп шығарыўшы усылларды жаратты. Тәжирийбе шараятларында ислеп шығарыў әмелге асрылып алынған өним клиникалды сынаўларының нәтийжелери бойынша оригинал дәрилик зат-« Софосбувир»ге сәйкес келетуғынын көрсеткен.

Жаратылған усыл тийкарында технологиялық процеслердиң схемасы ислеп шығылып, экспериментал технологиялық линия жаратылды ҳәм биринши мәрте Өзбекстан аймағында «Софосбувир» дәрилик затының субстанциясы ислеп шығарылды.

Хабарда, тийисли барлық ҳүжжетлер Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтиканы раўажландырыў агентлигине тапсырылып унамлы жуўмақ алынды ҳәм бүгинги күнде клиникалық сынаўларды әмелге асырыў бойынша таярлықлар көрилмекте, делинеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги