16-октябрьден физикалық шахслар қәлеген банктен кредит алыўы мүмкин. Онда «прописка»ның әҳмийети жоқ.

Буннан тысқары ҳүкиметтиң түнги ўақытта жумыс алып баратуғын улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлерде жәмийетлик қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы қарарына муўапық, 2019-жыл 15-октябрьден баслап улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлер төмендеги талаплар орынланғанда күни-түни жумыс алып барыўға рухсат берилди:

– көрсетилген объектлердиң ишки бөлимине, соның ишинде, хызмет көрсетиў бөлмелери, кириў ҳәм шығыў орынларына көринисти кеминде отыз күн даўамында сақлаў имканияты болған видеобақлаў системасын орнатыў;

– имаратлардың әтирапын, автостоянка ҳәм басқа да тийисли аймақты жетерли дәрежеде (кеминде 10 метр аралықта) жақтыландырыў;

– имаратта шаўқым нормаларына қойылған талапларға әмел етиў ямаса түнги ўақытта музыка ҳәм даўысты күшейтетуғын әсбаплардан пайдаланбаў;

өрт өшириў қураллары ҳәм медициналық жәрдем қутышалары менен тәмийинлеў;

ҳәмме ушын көринетуғын жерлерге эвакуация сызылмасы және оператив ҳәм қутқарыў хызметлериниң телефон номерлери ҳаққында мағлыўматлар орнатыў.

Бул ҳаққында xs.uz  сайты мәлим етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги