Нөкис гарнизонының әскерий бөлиминиң китапханасында 21-октябрь – өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен усы атамада руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Онда Арқа-Батыс әскерий округиниң басқарыў аппараты басшылары, әскерий хызметкерлер ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы Б.Бекмуратов, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты С.Қайпназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өзбек тили ҳәм оның раўажланыў тарийхы, әҳмийети туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, илимпазлардың изертлеўлерине қарағанда өзбек тилиниң тарийхы узақ әсирлерге барып тиреледи. Көп әсирлерден берли қәлиплесип киятырған өзбек тилиниң раўажланыў жолын сол дәўирлердеги шайыр ҳәм жазыўшылар тәрепинен дөретилген шығармалар арқалы билип, үйренип атырмыз.  Данышпан шайыр Әлийшер Наўайы шығармаларында өзбек тили бәлент шыңларға көтерилген.

– Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 30 жыллығын белгилеў мақсетинде өткерилип атырған усындай илажлар тек тилге емес, ал елимизге, халқымызға болған ҳүрмет белгиси есапланады,-дейди әскерий округтиң баспасөз хызмети бас қәнигеси Ш.Абдурахманова.

Округимиздиң әскерий бөлимлеринде сәнеге байланыслы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.