Төрткүл районында «15-октябрь – Аўыл ҳаяллары күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилип, аўыл хожалығы тараўында көп жыллар даўамында хызмет етип атырған ҳаял-қызлар қатнасты.

Мағлыўмат орнында соны айтып өтиўимиз керек, бул байрам БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги резолюциясы менен рәсмий түрде тастыйықланған. Бул резолюция аўыл ҳаялларының жәмийеттеги ролин, олардың аўыл хожалығы ҳәм аўыллардың раўажланыўын жеделлестириўдеги, азық-аўқат қәўипсизлигин арттырыўдағы, аўыллық жерлерде жетиспеўшиликти сапластырыўдағы үлесин тән алды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Аўыл хожалығы министрлигиниң 15-октябрьди аўыл ҳаяллары күни сыпатында кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысын мақуллағаннан соң бизлердиң елимизде де быйыл биринши мәрте бул сәне белгиленбекте.

Барған сайын артып баратырған халықты аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеўде аўыл ҳаялларының орны гиреўли. Аўыллардағы ҳаял-қызлар мийнет искерлигиниң түрине қарамастан халық абаданлығы, дастурханымыздың толыўына хызмет етеди. 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардағы тийкарғы бағдарлардан бири етип гендер теңлигин тәмийинлеў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиў белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген бир қатар Пәрман ҳәм қарарларда елимиз ҳаял-қызларының ҳуқықларын қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик ушын қолайлы шараятлар жаратыў тийкарғы мақсет етип қойылған. Қарақалпақстан бойынша 627 ҳаял-қыз фермер хожалықларын басқарып киятырған болып, соннан 98и пахташылық тараўында, 76 сы ғәллешилик бойынша ҳәм басқа да аўыл-хожалығының тараўларында хызмет көрсетип, қырманымызға өз үлесин қосып келмекте.

Илажда «Ең белсенди фермер ҳаял» номинациясы бойынша Санам Қутлиева, Оразгүл Бердимуратова, «Ең белсенди пиллекеш ҳаял» номинациясы бойынша Нодира Авазматова, Айхан Бекчанова, «Ең белсенди агроном ҳаял» номинациясы бойынша Қурбангүл Назарова, Инабат Аллабергенова, «Ең алдыңғы теримши ҳаял» номинациясы бойынша Зиёда Бердиева, Холида Аширова, «Ең пидайы теримши ҳаял» номинациясы бойынша Уғилсурой Аширова жеңимпаз болып, оларға қәўендерлердиң қымбат баҳалы саўғалары тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.