Пахта жыйын-терим мапазына белсене қатнасқан алдыңғы теримшилер турақлы түрде хошаметленип барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы жәмәәти де теримшилер жағдайынан хабар алыў мақсетинде Тақыятас районындағы «Мадад батыр» фермер хожалығы пахта атызларында болып, теримшилерге ҳармасын айтты.

Фермер хожалықларының жетекши теримшилерине қымбат баҳалы саўғалар (телевизор, музлатқыш, микротолқынлы печь ҳәм асхана буйымлары) тарқатылды.

– Бул жерде теримшилер ушын барқулла ыссы аўқат таярланып, ең көп пахта терген теримшилерге түрли саўғалар тапсырыў илажлары өткерилип барылмақта,-дейди фермер хожалығының баслығы Батыр Жуманов. – Олардың пахта атызларына ҳәр күни барыўы ҳәм де қайтыўы ушын транспорт хызмети де жолға қойылды.

Көмекшилердиң ҳалынан хабар алып, оларды хошаметлеў ушын келген салықшылар теримшилеримизге күш-ғайрат бағышлады.

Пахта атызларымыздан еле де көп зүрәәт аламыз, деген нийеттемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.