Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 20-21 август күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы фестиваль 9-октябрь күни Әмиўдәрья, Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларында, 10-октябрь күни Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли ҳәм Бозатаў районларында, 11-октябрь күни Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай районларында, өткен шемби күни Нөкис, Хөжели, Тақыятас ҳәм  Нөкис  қаласында  болып өтти.

Атап өтилгениндей, усы жыл 19-мартта өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиздиң басшысы тәрепинен илгери сүрилген жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем-өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылықты күшейтиў бойынша 5 тийкарғы басламаны кең жәмийетшиликке жеткериў, халықтың хабардарлығын арттырыў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, орынбасарлары ҳәм жуўапкер шахслар қала ҳәм район Кеңеси жумысын муўапықластырыў ҳәм оларға әмелий жәрдем бериў бойынша бириктирилип, ҳәр ҳәптениң жума ҳәм шемби күнлери үгит-нәсият илажларын  шөлкемлестириў системасы жолға қойылды.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 30 жасқа шекем болған жаслар 1 миллион 81 мың 425 болып, олар халықтың 58,6 процентин қурайды. Усыдан 486 мың 659 14 жастан 30 жасқа шекемги болған жаслар болып есапланады. Өткен дәўир ишинде 173 мың 167 жигит-қыз  Жаслар аўқамы, 232 мың 625си «Камалак» балалар шөлкеми ағзалығына қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасының бәрше қала ҳәм районларында 5 тийкарғы басламаны кең жәмийетшиликке жеткериў, аймақ, әсиресе, жаслардың хабардарлығын асырыўға бағдарланған 1043 илаж ҳәм жойбар әмелге асырылып, оларға 96 мыңнан аслам жас тартылды. Тийкарынан, қала ҳәм район Кеңеслери қасында, «Жаслар орай»ларында жәми 41 дөгерек өз жумысын жолға қойды. 14 жастан 30 жасқа шекем болған жаслардың 17 процентин мәденият ҳәм көркем-өнерге, 17 процентин компьютер технологияларын тереңнен үйрениўге, 29 процентин денетәрбиясы ҳәм спортқа, 25 процентин китапқумарлыққа тартыў мақсетинде мәкемелер ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшыларынан ибарат исши топар жумысын жолға қойды.

Атап өтиў керек, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жаслардың жәмийетлик искерлигин арттырыў, жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды Ўатансүйиўшилик  руўхында тәрбиялаўға қаратылған «Жаслар мүрәжаты» қабыл етилип, орынларда оның орынланыўын тәмийинлеў барысында кең көлемли илажлар өткерилмекте.

Биринши баслама шеңберинде жаслардың музыка, сүўретшилик, әдебият, театр ҳәм көркем-өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде жас дөретиўшилер қатнасыўында «Ватан менинг нигоҳимда», «Шаҳримнинг янги қиёфаси» темаларында сүўретлер ҳәм фотосүўретлер, «Жаслар ўатан хызметинде, расгөйлик ҳәм нызамларды ҳүрмет етиў тәрепдары» темасында дөретиўшилик жумыслар, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўлары өткерилип, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды. Түрли тараўларда жетискенликке ерисип киятырған жаслар қатнасыўында «Сиз сүйген қаҳарманлар», жаслар аўқамы белсендилери ҳәм сәрдарлары Кеңесиниң «Ўатан босағадан басланады» темасында ушырасыўлар шөлкемлестирилип, ўатансүйиўшилик руҳында таяарланған «Элпарвар» көркем фильми жасларға қойып берилди. «Ўатан келешеги сениң қолыңда» жойбары шеңберинде «Бахытлы елдиң бахытлы перзентлеримиз», «Ўақыт қәдири», «Имканият, ҳәрекет ҳәм нәтийже», «Жетискенликке ерисиў сырлары» темаларында өткерилген семинар-тренинглерде жаслар белсенди қатнасты. «Ҳәким ҳәм жаслар», «Депутат ҳәм жаслар», «Армия ҳәм жаслар» жойбарлары шеңбериндеги ушырасыўлар қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

Екинши баслама бойынша «Жаслар марафоны» спорт жарыслары, спорттың футбол, мини-футбол, «Армрестлинг», қылышпазлық, жүзиў, бокс, көркем гимнастика, волейбол түрлери бойынша беллесиўлер, жаслар арасында «Кибер спорт» бойынша виртуал спорт, «Жаслар кубоги» жарыслары, «Биз саламат турмыс тәрепдарымыз» ураны астында район спорт шеберлери ҳәм жаслар менен ушырасыўлар, белгили спортшылар тәрепинен шеберлик сабақлары  өткерилди.

– Мәмлекетимизде жаслардың спорт пенен турақлы шуғылланыўшылар ушын бәрше шараятлар жаратылған,- дейди фестиваль қатнасыўшысы, Елликқала районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Бунёд Алимов. – Еки жылдан бери тренерим Темур Таңирбергенов басшылығында спорттың каратэ-до түри менен шуғылланып келемен. Усы жылы Россияның Сочи қаласында болып өткен дәстүрий турнирде жеңимпаз болып, жәҳән чемпионатына жоллама алдым.

Үшинши баслама шеңберинде халық ҳәм жаслар арасында «Мәлимлеме  технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў» темасында семинар-тренинглер шөлкемлестирилди.

Төртинши баслама бойынша «Жаслар китапқумарлар», «Китаплар кәрўаны» жойбары шеңберинде китап ярмаркасы, жаңа китаплар көргизбеси, жас китапқумарлар арасында «Мен оқыған китап» китапқумарлық таңлаўы, жаслар арасында «Билимданлар аренасы» интеллектуал ойынлары, «Әўметли жаслар» интеллектуал таңлаўларында жаслар белсенди қатнасты.

Бесинши баслама, яғный ҳаял-қызларды исбилерменлик жумысларына тартыў, олардың исбилерменлик бағдары бойынша  билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде «Исбилерменлик сырлары», «Устаз-шәкирт», соның менен бирге ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған «Өнерлиниң қолы гүл» шеберлик сабақлары, жас шаңарақлар ушын «Шаңарақ психологиясы», «Пикирлер күш бағышлайды» темасында психологиялық семинар-тренинглер, жасларды исбилерменликке шақырыўға қаратылған «Бизнес саяхат» жойбарлары әмелге асырылды. «Мен жумысқа орналастым» жойбарында жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

Фестивал шеңберинде кем тәмийинленген жас шаңарақлар жағдайынан хабар алынды.

Илаж  жуўмағында «Жаслар – келешек қурыўшысы» сүрени астында гала-концертте акция шеңберинде өткерилген илаж ҳәм жарыс  жеңимпазлары ҳәм белсенди қатнасқан жаслар хошаметленди.

Д.Абибуллаев, М.Ҳабибуллаев, ӨзА.