«Мениң пикирим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында пайдаланыўшылардан бири «АGRO TV»  телеканалын шөлкемлестириў ҳаққындағы мүрәжати жәрияланды.

«Бүгинги күнде республикамызда барлық тараўларда болғаны сыяқлы аўыл хожалығы тараўында да әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәм реформалар халықты оғада қуўантпақта.

Мәмлекетимиз халқының көпшилик бөлеги аўыллық жерлерде жасап атырғаны себепли, халыққа аўыл хожалық тараўында нәтийжели мийнет етиў ҳәм дәрамат табыўға имканият жаратылмақта.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта ыссыхана шөлкемлестирилгени, таўық, түйеқус, қарамал бағыў, бурыш жетистириў, пахта ҳәм бағшылық бағдарларында көплеген жеңиллетилген кредитлер берилмекте, күннен-күнге жаңалықлар болмақта.

Бирақ көпшилик булар ҳаққында билмейди. Усы мақсетте, олар ҳаққында халыққа толық мағлыўматлар жеткерип беретуғын, аўыл хожалығының сырларын үйрететуғын арнаўлы «АGRO TV» телеканалын шөлкемлестириў керек, деп жазады мүрәжат ийеси.

Мүрәжат авторы сол себепли жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда «АGRO TV» телеканалын шөлкемлестириўди усыныс етпекте.

 

ӨзА