21-октябрь – өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Инсаният өзиниң раўажланыўы даўамында дүнья сырларын билиўге қызыққан. Бул теңсиз мазмунды аңлаўда, дәслеп, жәмийетлик қубылыс, зәрүрлик сыпатында жүзеге келген – ана тилин жаратқан. Жаратқан ийемиз барлық жанзатларға өзине тән тил берген, олардың ең уллысы Инсан ушын сөйлесиў қуралы – тилди инәм еткен. Муқаддес китапларда уқтырылыўынша: «Ҳәр бир миллеттиң өз ана тили болады. Оны қәстерлеп-сақлаған ел барқулла тири болып есапланады». Бул үгитке итибар қаратылса өзбек тилиниң тарийхына нәзер тасланса, ана тилимиз оғада көплеген қыйыншылықларды, жоғалтыўларды басынан өткерди.

Әсиресе, бурынғы аўқам дәўиринде тил сиясаты оғада қурамалы тәризде «шекленди». Бул болса миллий тилдиң қәдир-қымбатын және де түсирип жиберди. Тилдиң социаллық бейимлесиў қурамында сөйлесиў системасы бузылды. Яғный дәўир өз алдына жаңа сораўларды қойды. Бүгинги күнде техноген дәўирде глобалласыў процесси ҳүким сүрмекте. Дүньяны бирден-бир тил системасына айландырыў ушын ғалабалық мәденияттың ҳәр түрли усыллары ойлап табылмақта. Бир ғана мысал, бул бағдарда мыңлаған адамлар жумыс алып бармақта, ол көркем өнер болсын, ол кийим-кеншек болсын, ол музыка тәризинде болсын миллеттиң санасын зәҳәрлеў, жас әўладтың ақлый санасына ҳүжим етиў менен де орынланбақта.

Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң «Өзбек тилине Мәмлектелик тил бийлигиниң берилиўине 30 жыл толыўын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы Қарары мәмлекетимиздиң турмысында әҳмийетли жаңалық болды. Ендигиден былай тилге өз-ара ҳүрмет-иззетте болыў, оның миллий раўажланыў принциплерин және де күшейтиў бағдарында үлкен қәдемлер тасланды. Филология тараўында күнделикли болып турған лингвокультурология бағдарында алып барылатуғын үлкен изертлеўлер өз ийесин күтип турыўы, бул бағдарда анық илимий излениўлер алып барылып атырғаны қуўанышлы болып есапланады.

Наўайы өзиниң «Муҳомат ул луғатайн» шығармасында түркий еллердиң шайыры екенлигин мақтаныш пенен тилге алады. Колониал дәўирде «Шағатай тили» деп аталыўы да Шынғысханның залым улы Шағатайға мегзеп Наўайыны Шынғысханға барып тақалыўын сиясий мақсетте ойлап тапқан жалған деп, түсиниў керек. Неге десеңиз, Шағатайдан алдын өзбек тили «Девону луғотит-турк» деп жүргизилген шығармада да тийкарланып берилген. Базы-бир сиясатшылар, тоқып шығарған жалған хабарлар тилимиздиң қәдирин түсириўге, оны сана-сезимимизден жуўып таслаўға қаратылғаны менен көплеген қыйыншылықларды жүзеге келтирди. Тилге соншелли дәрежеде пәс нәзер менен қараған колонистлер ақыр-ақыбет миллет қүдиретинен қорққанын жасырыўға урынған.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, тилге итибарлы болыў, оның бүгинги дәрежесин көтериў тек ғана өзимиздиң қолымызда екенлигин бәрқулла ядымызда тутыўымыз керек. Неге десеңиз, тилдиң социаллық жеделлесиўи, жәмийетте, адамлардың күнделикли жумысында әҳмийетли тийкарғы сөйлесиў қуралы екенлиги дыққат орайымызда болыўы керек. Дүнья жәмийетшилигинде исленип атырған тил бағдарындағы ең қолайлы жумысларды өзимизге масластырып, тек ғана ана тилимиздиң тазалығын сақлап жас әўладқа жеткериў, бул бағдардағы сырларды ойлап табыў заманның ең әҳмийетли машқалалары сыпатында қаралса ғана мақсетимизге ерисиўимиз мүмкин болады.

 

Нодира САПАРБАЕВА,

Нөкис қаласы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң

 өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

халық билимлендириў ағласы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги