Беруний районында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен «Бес баслама-бес имканият!» сүрени астында жаслар фестивалы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен жаслар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде алға қойылған 5 тийкарғы баслама үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Басламалар шеңберинде алып барылып атырған жумыслар жаслардың жоқары нәтийжелерге ерисиўинде беккем тийкар жаратпақта.

Фестиваль «Финиш бизики!» сүрени астындағы жуўырыў марафоны менен басланды. Оған мектеп, колледж оқыўшылары, жәмлеспеген жаслар, әскерлер қатнасты. Соң  мектеп, аўқам ҳәм «Камалак» сәрдарлары ушын «Сәрдарлар шеберлиги» темасында семинар-тренинг өкерилди.

Биринши баслама бойынша, мәденият, әдебият, көркем өнерге қызығыўшы жаслардың қатнасында түрли илажлар, атап айтқанда, музыка ҳәм көркем өнер шеберлериниң мастер-класслары, спорт беллесиўлери, жас шаңарақлар ушын психологиялық семинар, жас художниклердиң көргизбеси болып өтти.

Үшинши баслама бойынша жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде өткерилген кибер спорт ойынлары Беруний районы жасларын қамтып алды.

Күнниң екинши ярымында «Ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўы» өткерилип, онда елимизде жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған илажлар, китап оқыўшыларына жаратылған шараятлар сөз болды.

– Президентимиздиң басшылығында халықтың, әсиресе, жас әўладтың руўхый ҳәм  интеллектуаллық талапларын қанаатландырыўда китаптың тутқан орны менен  әҳмийетин және де арттырыўға айрықша итибар қаратылып атыр, – дейди «Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында белсене қатнасқан, райондағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы С.Ахмедова. – Бул елимиздиң уллы илимпазлары, шайыр ҳәм жазыўшыларының теңи-тайы жоқ мийрасын, үлги етерлик өмирин ҳәм дөретиўшилигин ҳәр тәреплеме терең үйрениўге, биз жаслардың миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға садық болып ержетиўимизге хызмет етеди.

Илажда «Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында белсене қатнасқан С.Ахмедова ҳәм Х.Норбоеваларға планшет саўға етилди. Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Жаслар фестивалы көтериңки кейпиятта гала-концерт пенен даўам етти.

«Бес баслама-бес имканият!» сүрени астында жаслар фестивалы Нөкис районында да өткерилип, онда оқыўшы қызлар арасында исбилерменлик көнликпелерин арттырыў мақсетинде «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Эльбек Ақмаңғыт» кийим тигиў цехына саяхат шөлкемлестирилди. Онда  оқыўшы қызларға усы кәсиптиң сырлары, жеке исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў бойынша мәсләҳәтлер берилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.