USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

УМИДА ЖӘҲӘН ЧЕМПИОНЫ БОЛДЫ

Самбо бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Ташкент қаласында өтип атырған жәҳән чемпионатында Хожели районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Умида  Джуманиязова барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, биринши орынды ийеледи.

Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Миллий Олимпиада комитети,  самбо ассоцияциясы ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген чемпионата жәҳәнниң 50 ден аслам мәмлекетинен бес жүзден зыят самбошы 40 салмақ категориясында беллеспекте.

Умида 48 килограмм салмақ категориясында дәслеп шерек финальда франциялы, ярым финальда белоруссиялы, финальда болса россиялы спортшыдан үстем келип, жәҳән чемпионы болды. Буннан тысқары, Нөкис Олимпиада резервлери колледжиниң оқыўшысы Несийбели Отарбаева, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Индира Елмуратова гүмис, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Гүлсимай Бегдуллаева, Елликқала районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Моҳигүл Камилжановалар өз салмақ категорияларында жәҳән чемпионатының қола медальлары менен сыйлықланды. Және бир спортшымыз, Нөкис Олимпиада резервлери колледжиниң оқыўшысы Азада Аймуратованың жәҳән чемпионатында бесинши орынды ийелеўи жоқары көрсеткиш болып табылады.

Спортшыларды жарысқа Сансызбай Юсупов, Азамат Турданов, Байрам Досбергенов, Махсуд Пирниязов, Анвар Атаханов ҳәм Расул Балтабаевлар таярлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.