USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Өзбекстан 2020-жылы ҒМДАға басшылық етеди

Ашхабад, 11-октябрь

ӨзАның арнаўлы хабаршысы Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ хабар береди.

Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги Саммити болып өтти.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен мәжилисте Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев, Әзербайжан Республикасының Президенти Илҳом Алиев, Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян, Беларусь Республикасының Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасының Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Республикасының Президенти Сооронбай Жээнбеков, Молдова Республикасының Президенти Игорь Додон, Россия Федерациясының Президенти Владимир Путин, ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев қатнасты.

Дәслеп ҒМДА мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасыў өткерди. Онда Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўди және де беккемлеў, усы халықаралық структураның жумысын жетилистириў мәселелери додаланды, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

98856b57-e194-2ffb-4f98-45152e6700ce.jpg

Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы 1991-жыл 8-декабрьдеги ҒМДАны дүзиў ҳаққындағы келисим ҳәм 1991-жыл 21-декабрьдеги бул келисимге протокол тийкарында шөлкемлестирилген. Атқарыў комитети ҒМДАның атқарыўшы, административлик ҳәм муўапықластырыўшы уйымы болып есапланады.

Саммитте шығып сөйлеген Шавкат Мирзиёев Дослық Аўқамы шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти ҳәм шерикликтиң перспективалы бағдарларына айрықша итибар қаратты.

b481d18f-e015-402a-f2fc-c7c7b602d6b0.jpg

Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Өзбекстан ушын, дәслеп, саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў, ҳәр қыйлы тармақларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў, транспорт-коммуникация ҳәм транзит потенциалын әмелге асырыў, қәўипсизликти беккемлеў, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў жағынан пайдалы болып есапланады. Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң усы шөлкемдеги қатнасыўы бираз жеделлести. Усы жылы елимизде ҒМДАның көплеген илажлары өткерилди.

Ушырасыўда 2020-жылы ҒМДАға басшылық Өзбекстан Республикасына өтетуғыны ҳаққындағы қарар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланды.

 

ӨзА