2019-жылдың 8-октябрь күни саат 18:45 лерде Беруний районы Истиқлол МПЖ аймағында өрт келип шыққан. Ўақыя орнына жетип барған өрт өшириўшилер тезлик пенен келип шыққан өртти өшириўге ерискен. Өрт ақыбетинде турақ жайдың 70 кв. метр төбеси ҳәм ишки буйымлар жанып зыянланған. Өрт-қутқарыў хызметиниң өз ўақтында алып барған ҳәрекетлери нәтийжесинде турақ жайдың 146 кВ.метр майданы сақлап қалынған. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы өрт қәўипсизлиги басқармасы хабар берди.

Жүз берген ҳәдийсе бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылғанында газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы нәтийжесинде үй ийеси 1968-жылда туўылған пуқара М.А. 60 процент күйиў дене жарақатын алып, өрт өшириў экипажлары жетип барғанға шекем емлеўханаға алып кетилгени мәлим болған.

Өрттиң болжаўлы келип шығыў себеби, ханаға топланып қалған тәбиий газдиң ийсин сезбеген үй ийеси газ трубасына орнатылған газ сорыўшы жасалма электр үскене (насос)ни розеткадан үзген ўақтында ушқын шығыўы нәтийжесинде газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы келип шыққан.

Ҳүрметли пуқаралар! Бундай аянышлы жағдайлардың алдын алыў, мақсетинде төмендеги қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди сорап қаламыз.

жас балаларға от пенен ойнаўға, газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўына жол қоймаң ҳәм жаслама ысытыў печлеринен пайдаланбаң.

Газ баллонларды қуяшта қалып қойыўына жол қоймаң, ошақ, тандыр сыяқлы ашық жалынлы жерлерде сақламаң және газ сорыўшы үскенеден пайдаланбаң, бул үнамсыз жағдайларға алып келиўи мүмкин.

Газ плитасының үстине кийим жаймаң ҳәм газ плитасынан үйди ысытыўдан пайдаланбаң.

Түтин морысы қағыйда тийкарында орнатылмаған ысытыў пешлеринен пайдаланбаң, қолбала, жасалма электр ысытыў үскенелеринен пайдаланбаң.

Жоқарыда көрсетилген қағыйдаларға әмел етсек өрттиң келип шығыўының алдын алған ҳәм жеке мүлкиңизди сондай-ақ әтирапыңыздағы адамлардың өмирин сақлап қалған боласыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги