Усы жылдың 22-декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатлары сайлаўлары болып өтеди.

Сайлаўлар бойынша халықта ҳәр қыйлы сораўлар болыўы мүмкин. Сол себепли Орайлық сайлаў комиссиясының Халықаралық баспасөз орайында 14-октябрь сәнесинен телефон қоңыраў орайы (Call center) жумыс баслайды.

Call center дүйшембиден жумаға шекем, саат 09:00 ден 18:00 ге шекем мүрәжат етиўшилердиң сораўларына жуўап береди. Орайдың номерлери 11-97.

Орайлық сайлаў комиссиясының мағлыўматына бола, оператив қоңыраў орайын шөлкемлестириўден мақсет, пуқаралардың қызықтырған сораўларына жуўап бериў ҳәм соның менен бирге сайлаўшылардың пикир-усынысларын үйрениў болып есапланады.

 

ӨзА