USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ГИМНАСТРАДА БОЙЫНША БЕЛЛЕСИЎ ӨТКЕРИЛДИ

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў, Денетәрбия ҳәм спорт министрликлери, Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен 4 жастан 6 жасқа шекемги болған, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбияланып атырған қызлар арасында олардың саламатлығын беккемлеў, спортқа кеңнен тартыў, ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў арқалы ҳәр қыйлы жуқпалы болмаған, узақ даўам ететуғын кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде «Сизлер менен бирге өсемиз ҳәм раўажланамыз!» сүрени астында гимнастрада спорт түринен жарыстың Нөкис қалалық басқышы өткерилди.

Жарыс Республикалық спорттың гимнастика түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилип, оған пайтахтымыздағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен 250 ден аслам тәрбияланыўшы қатнасты.

–  Бул жарыстың шөлкемлестирилиўи кишкене қызларымыз арасында спорттың гимнастика ҳәм гимнастрада түрлерин раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта,- дейди Нөкис қалалық денетәрбия ҳәм спорт бөлими баслығы Ахмед Сейткамалов. – Бүгинги Нөкис қалалық басқышында биринши орынды алған команда жарыстың республикалық басқышында да сыйлы орынды ийелейди, деп исеним билдиремиз.

Жарыс жуўмағында «Шаққанлар» командасы биринши, «Гүллер» командасы екинши ҳәм «Гармония» командасы үшинши орынды жеңип алды. Сондай-ақ, «Белсене қатнасқаны ушын» номинациясының жеңимпазлары анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.