«Өзгидромет» орайының хабар бериўине қарағанда, бүгин Волгабойынан батыс Қазақстан арқалы мәмлекетимиз аймағына салқын ҳаўа ағымы кирип келмекте.

Тегислик аймақларда алдынғыдай, қурғақ ҳаўа температурасы сақланып турады, тек ғана Ташкент ўәлаятының айырым таўлы аймақларында жаўын-шашын болыўы мүмкин.

Күндизги температура мәмлекетимиздиң үлкен бөлиминде 2-3 дәрежеге төменлеп, усы дәўир ушын тән болған ҳәр жылғы нормаларға жақынласады.

Дем алыс күнлери мәмлекетимиз халқын жыллы ҳәм қурғақ температура күтпекте. Бул күнлерде республикамызға Түркменстан аймақларынан шыққан жыллы ҳаўа киреди. Термометр күндизи 24-27 градусқа көтериледи.

Алдымыздағы ҳәпте дүйшемби күни гезектеги ҳаўа ағымының кириўи менен елимиздиң үлкен бөлиминде ҳаўа-райы жаўын-шашынсыз болады. Тек ғана Ташкент ўәлаятында ҳаўа өзгериўи мүмкин. Айырым орынларда самал күшейип, оның тезлиги 15-20 метрге шекем жетиўи мүмкин. Күндизги температура 18-23 дәрежеге төменлейди.

 

ӨзА