Дүньяда тиллер көп, бирақ ҳәр бир халық ушын өз ана тили муқаддес.

Мәмлекетлик тил – ғәрезсиз елимиздиң муқаддес тымсалы, мәмлекетимиздиң айнасы ҳәм мәмлекетимиздиң белгиси болып есапланады. Дүньядағы үш мыңнан аслам тил арасында 116 тил мәмлекетлик тил статусына ийе. Солар арасында, 1989-жылы 21-октябрьде Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 11-шақырық 11-сессиясында өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилип, ол халықаралық әҳмийетке ийе болып бармақта.

– Бул өзбек халқының сиясий ҳәм мәдений турмысында ең ири ўақыялардың бири болды,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Олимжон Дуйсенбаев. – Мине, бул тарийхый сәнеге де 30 жыл толмақта. Бул тарийх ушын теңизден тамшыдай гәп.

Соған қарамастан, мине усы жыллар даўамында биз бир нешше жүзлеген уллы бабаларымыздың илимий мийрасларын, руўхый мийрас сыпатында қаралатуғын ҳикметке толы дүрданаларын, көркем ҳәм тарийхый шығармаларды өз тилимизде сүйип оқып атырмыз.

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң ең әҳмийетли ҳүжжетлери усы тилде жазылмақта. Бул өзбек тилиниң раўажланыўында жаңа дәўир басланғанлығынан дәрек береди. Өзбек тили мәмлекетлераралық сөйлесиўлерде, дүньяның абырайлы минберлеринде, халықаралық әнжуманларда да кеңнен қолланылмақта.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар тилимиздиң раўажланыўына да унамлы тәсир көрсетпекте. Оның сөзлиги жаңа сөз ҳәм түсиниклер менен байып, басқа тиллер менен байланысы күшеймекте.

Шынында да ана тилин сүйиў Ўатансүйиўшиликтиң бир белгиси болып есапланады. Өз тилин ҳүрмет еткен халық, өзлигин қәстерлеп-абайлайтуғын болады.

Усы мәниде, университетимиздеги өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасы тәрепинен өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен бир қатар илажлар, әдебий кешелер, баян жазыў таңлаўларын, улыўма билим бериў мектеплери менен биргеликте ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлер ҳәм ашық сабақлар шөлкемлестирмекте.

Атап айтқанда, байрам алды «Тил мәнаўият айнасы» илажлары, студент жаслар арасында «Тил – дил гилти», «Ана тилим жан-тәним», «Тилге итибар – елге итибар» сыяқлы ҳәр қыйлы атамаларда баян жазыў таңлаўлары өткерилмекте.

Сондай-ақ,  кафедраның профессор-оқытыўшылары мектеплерге барып «Өзбек тили – өз тилим» темаларында ашық лекциялар оқымақта. Билим бериў басқа тиллерде алып барылатуғын топарлар арасында студентлердиң өзбек тилин билиўге болған умтылысларын раўажландырыўға байланыслы ҳәр қыйлы интерактив методлар менен ашық сабақлар өткерилиўи жолға қойылды.

Усы сыяқлы илажлар ҳәм жойбарлар ана тилимизге болған муҳаббат сезимлерин қәлиплестирмекте. Ҳәр бир сөздиң мәнисин терең аңлаған ҳалда пайдаланыў, оны жақсы билиў, қәстерлеп-абайлаў сыяқлы пазыйлетлер де өз көринисин таппақта.

Ҳәзирги ўақытта жасларымыздың санасында миллий мақтаныш сезимлерин жоқарылатыўды мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм руўхый жақтан раўажланыўы, халықаралық абырайын жоқарылатыў ушын тилимизди еле де байытыў, оны пуқта ийелеўимизге де көп жағынан байланыслы екенлигин қайта-қайта еслетип турыў ушын усы сыяқлы нәтийжели жумысларды және де даўам етиўимиз керек, деп ойлайман.

Университетимизде 21-октябрь – өзбек тилиниң мәмлекетлик тил бийлигин алғанына 30 жыл толыўына байланыслы бир қатар тәсиршең илажлар өткерилиўи белгиленген.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.