Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында «Исбилерменлик-абадан турмысымыздың гүреўи» темасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда филиал директоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор Е.Төрениязов, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен елимизде суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, халықтың суўдан пайдаланыў мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысы ҳәм оны шөлкемлестириў бойынша пикир алысыўлар болды.

Атап өтилгениндей,  елимизде суў системасын раўажландырыў, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўға ресурс үнемлеўши заманагөй технологияларды енгизиў, гидротехникалық объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, суўды өлшеў үскенелеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Аўыл ҳәм суў хожалығы тараўын раўажландырыў биринши гезекте кадрлардың потенциалына  байланыслы болып табылады. Бул бағдарда Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде Нөкис филиалында соңғы жыллары бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилип атырғанлығы атап өтилди.

Илаж жуўмағында студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Сондай-ақ, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы қатарына қабыл етилген жасларға ағзалық гүўалықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.