Усы жылдың 10-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасында жайласқан Қорғаныў басқармасы хызметкерлери тәрепинен қорғаўда болған Әмиўдәрья үстиндеги «Қыпшақ понтон көпири»нен белгисиз себеплерге бола өзин суўға таслаған ҳаял қутқарып қалынды.

Бизге белгили болыўынша, 2019-жыл 10-октябрь күни 11:30 лар шамасында «Cоbalt» маркалы автомобильден бир ҳаял көпирдиң қасында түсип қалып, өзин дәрьяға таслаған. Көпир аймағында хызмет ўазыйпасын атқарып атырған Миллий гвардия Қорғаныў хызметиниң хызметкерлери бул жағдайды көрип қалып, тезлик пенен шөгип баратырған ҳаялды суўдан алып шыққан.

Тез медициналық жәрдем көрсетиў хызмети ҳәм районлық ИИБ нәўбетши бөлими ўақыя орнына жетип келгенге шекем Қорғаныў хызметиниң хызметкерлери тәрепинен ҳаялға биринши медициналық жәрдем көрсетилген.

 

ӨзА