Ашхабадта 11-октябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтеди.

Усы әнжуман алдынан ҒМДА Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилиси өткерилди. Онда саммит күн тәртибине усынылатуғын ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша пикирлести.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Камиловтиң басшылығындағы делегация да қатнасты.

Делегациялардың басшылары Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.

ҒМДА мәмлекетлери ойынлары, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, нәшебентлик, психотроп затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў сыяқлы бир қатар мәселелер додаланды.

Мәжилисте бир қатар ҳүжжетлердиң жойбарлары көрип шығылды. Олар ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде тастыйықлаў ушын киргизиледи.

Сол күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Россия сыртқы сиясат уйымлары басшыларының екинши ушырасыўында қатнасты.

Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан ҳәм Россия сыртқы ислер министрлери турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, регионаллық экономикалық бирге ислесиў перспективалары, мәдений-гуманитарлық тараўдағы алмасыўларды жеделлестириў мәселелери бойынша пикир алысты.

Ушырасыўда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Россия бирге ислесиўин және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў, қоспа экономикалық жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара саўда көлемлерин көбейтиў бағдарындағы усыныслар да додаланды.

Министрлердиң бул форматтағы ушырасыўын турақлы өткериўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Түркменстан арасында үш елдиң Мәмлекетлик шегараларының кесилиспеси аймағы ҳаққындағы шәртнаманы (2017-жыл 10-ноябрьде Самарқанд қаласында қол қойылған) ратификациялаў ҳаққындағы жарлықларды алмасыў мәресиминде қатнасты.

Ҳүжжетке, сондай-ақ, Қазақстан Республикасы сыртқы ислер министри Мухтор Тлеуберди ҳәм Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов та қол қойды.

Қол қойылған билдириўге бола, ҳүжжет 2019-жыл 10-октябрьден күшке киреди.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы