USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЕҢ КӨП ПАХТА ТЕРГЕН ШАҢАРАҚЛАРҒА – «СПАРК» АВТОМАШИНАСЫ БЕРИЛДИ.

Нөкис районындағы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Рустем» фермер хожалығының дала шертегинде «10 күнде ең көп пахта терген  шаңарақ» таңлаўының аймақлық басқышының жеңимпазын сыйлықлаў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасып, он күн даўамында 7 тонна 146 килограмм пахта териўге ерискен «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан Аташовлар шаңарағына «Спарк» автомашинасының гилтин салтанатлы жағдайда тапсырды. Олар терген пахтасы ушын 7 миллионға жақын пул алып, шаңарағы бюджетин байытты.

Буннан тысқары, он күн даўамында 5 тонна  599 килограмм пахта терген «Ақманғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынынан Төребаеваның шаңарағы музлатқыш, 4 тонна 803 килограмм пахта терген усы посёлкалық пуқаралар жыйынынан Юсуповалар шаңарағына газ плитасы,  2 тонна 571 килограмм пахта терген «Ақтерек» аўыл пуқаралар жыйынынан Генжебаевалар ҳәм 2 тонна 445 килограмм пахта терген «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынынан Узақбергеновлардың шаңарақлары заманагөй телевизор менен сыйлықланды. Сондай-ақ, бир топар алдыңғы теримшилерге баҳалы саўғалар тапсырылды.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылғы пахта жыйын-терим мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериў ҳәм алдыңғы теримшилерди хошаметлеў  мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен усы жылдың 27-сентябринен- 7-октябрь аралығында «10 күнде ең көп пахта терген  шаңарақ» таңлаўы үш аймақ бойынша жәрияланған еди. Биринши аймақта Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья районлары, екинши аймақта Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат районлары, үшинши аймақта Нөкис, Кегейли, Шымбай, Тахтакөпир, Қараөзек районларынан 172 шаңарақтан 504 теримши қатнасып, олар тәрепинен 500 тоннаға жақын пахта терилди. Жумысшы топар ағзалары тәрепинен олардың арасынан ең көп терген шаңарақлар анықланды.

Солай етип, биринши аймақтан Беруний районы «Дослық» аўыл пуқаралар жыйынынан он күнде шаңарақ ағзалары менен 8 тоннаға жақын пахта терген  Гулхумар Розымова, екинши аймақтан Қанлыкөл районы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынынан 8 тоннадан зыят пахта терген Жийенгүл Ещанованың шаңарағы, үшинши аймақтан Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 7 тонна 146 килограмм пахта терген Икрамбай Аташовлар шаңарағы жеңимпаз болып, ҳәр бири «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды.

Екинши он күнлик ушын да усындай таңлаў жәриялаў режелестирилип, шәпик қоллы теримши, зәбердес шаңарақларды баҳалы саўғалар күтпекте.

Таңлаў жеңимпазларына саўғаларды тапсырыў илажларында көркем өнер хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилип, теримшилерге дәстурхан жайылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы