Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 2019-жыл 9-октябрь күни өткерилген гезектеги мәжилисинде депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, мәдений және халықаралық турмысына байланыслы бир қатар нызам жойбарларын додалады.

Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасының биологиялық көп түрлилиги ҳаққындағы Конвенцияның биоқәўипсизлик бойынша Картехан протоколына қосылыўы ҳаққында (Монреаль, 2000-жыл 29-январь)»ғы нызамының жойбары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, елимизде биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыў ҳәм оннан турақлы пайдаланыў экологиялық сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири есапланады. Өйткени, тәбыйғый экосистемалар ҳәм олардан пайдаланыў, яғный шарўашылық, суўғарылатуғын дийқаншылық, тоғайшылық. балықшылық, рекрация, туризм ҳәм басқаларға байланыслы экономика тармақлары био көп түрлилик пенен тиккелей байланыслы.

Өзбекстан Республикасы 1995-жыл 6-майда қосылған Биологиялық көп түрлилик ҳаққындағы Конвенцияның тийкарғы мақсети болса, биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыў, оның компонентлеринен турақлы пайдаланыў және тийисли технологияларды алмасыў менен байланыслы пайда алыўдан ибарат.

Бул  Конвенцияның биологиялық қәўипсизлик бойынша Картахен протоколы заманагөй биотехнология өнимлериниң мәмлекет шегарасынан қәўипсиз ҳәрекетлениўи, қайта исслениўи ҳәм пайдаланылыўы ушын илажлардың тәртиби ҳаққындағы халықаралық келисим есапланады.

Бүгинги күнге шекем бу Протоколға БМШға ағза 198 мәмлекеттен 171 мәмлекет және халықаралық шөлкем сыпатында Европа Аўқамы қосылған.

Депутатлардың пикиринше, Протоколдың қабыл етилиўи қоршаған орталықты қорғаў ўазыйпаларын есапқа алған ҳалда, гени модификацияланған организмлер (ГМО) ҳәм олардың қайта ислеў өнимлеринен пайдаланыў мәселелерин халықаралық тәртипке салыў ушын әҳмийетли қәдем есапланады. Ҳәзирги ўақытта қоршаған орталыққа ҳәм инсан саламатлығына итималлы қәўипти минималластырыў имканиятын береди. Соннан келип шығып, парламент ағзалары усы нызам жойбарының қабыл етилиўин заманагөй биотехнология өнимлеринен пайдаланыў алып келиўи мумкин болған қәўипти сапластырыўға, жергиликли өнимлер экспорт номенклатурасының кеңейтилиўине жәрдем беретуғынын атап өтти.

Соннан кейин мәжилистиң күн тәртибине киргизилген «Медициналық хызмет көрсетиў менен байланыслы кәсиплик ўазыйпасын әмелге асырып атырған медицина хызметкерлерин қорғаў мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде медициналық жәрдем көрсетиў менен байланыслы кәсиплик ўазыйпасын атқарып атырған медицина хызметкерлерине наўқаслар ҳәм олардың туўысқанлары тәрепинен күш көрсетиў жағдайлары көп ушырамақта. Әсиресе, тез медициналық жәрдем хызметкерлерине күш көрсетиўлердиң саны көбейди. 2017-2018-жыллар даўамында медицина хызметкерлерине исленген 300 ден аслам әне сондай күш көрсетиўлер анықланған болып, олардың нәтийжесинде көпшилик жағдайларда медицина хызметкерлериниң денсаўлығына орта ҳәм аўыр зыян жеткерилген. Әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде тек ғана денсаўлыққа зыян жеткерген шахсты жуўапкершиликке тартыў бойынша улыўма нормалар белгиленген. Яғный медицина хызметкерлерине исленген күш көрсетиўлер ушын жуўапкершиликти белгилейтуғын, сондай-ақ, өз хызмет ўазыйпасын атқарып атырған медицина хызметкерлерин наўқаслардың ҳәм олардың жақын туўысқанларының күш көрсетиўинен қорғайтуғын арнаўлы нормалар жоқ. Соның ушын көпшилик жағдайларда исленген нызамбузыўшылық ҳәрекетлер жазаланбай қалып қоймақта ҳәм жынаят ушын жаза белгиленетуғынынан ибарат принцип өз мәнисин жойтпақта.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының басламасы менен ислеп шығылған бул нызам жойбары өз хызмет ўазыйпасын алып барып атырған медицина хызметкерлерине күш көрсеткен шахслардың  ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартылатуғынын нәзерде тутады.

Депутатлардың атап өтиўинше, инсанлардың денсаўлығын ҳәм өмирин сақлаўдай аўыр, оғада жуўапкершиликли иске бел байлап, ҳәттеки ярым түнде де өз тынышлығын ойламай, медициналық жәрдем көрсетиўге асыққан пидайы кәсип ийелерине исленген күш көрсетиўлер, биринши гезекте. бизиң ҳуқықый демократиялық мәмлекетимиздиң принциплерине улыўма сәйкес келмейди. Екиншиден. бул адамларға жақсылық ислеў, оларға жәрдем бериўге умтылып атырған инсанлар қәдирленген, ҳүрметленген кәдириятларымызды менсинбеў, әдепсизликтиң айқын көриниси болып есапланады. Сол себепли, саламатлығымыздың сақшыларына болған бундай көбейип баратырған күш көрсетиў ҳалатларына итибарсызлық пенен қарап болмайды.

Соннан келип шығып, парламент ағзалары усы нызам жойбарының қабыл етилиўи медицина хызметкерлериниң қәўипсизлигин күшейтиўге, олар тәрепинен халыққа жоқары медициналық жәрдем көрсетилиўи ушын жаңа шараят жаратылатуғынына хызмет ететуғынын атап өтти.

Депутатлар мәжилистиң күн тәртибинен орын алған «Өзбекстан Республикаы Салық кодексиниң 2111-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарында көрип шықты.

Нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында таярланған бул жойбар тутыныў базарының турақлылықын тәмийинлеў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын шараятларды жаратыў, сондай-ақ, қосымша қун салығының үзликсиз «шынжырын» қәлиплестириўди нәзерде тутады. Нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының салық сиясатын буннан былай да жетилистириў мақсетинде Салық кодексиниң 2111-статьясына қосымша қун салығының ставкасын 20 проценттен 15 процентке азайтыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Депутатлардың пикирине қарағанда, бул, өз гезегинде, исбилерменлик субъектлерине салық жүгин кемейтиўге және бәсекиге шыдамлылықты буннан былай да раўажландырыўға жәрдем береди.

Мәжилисте парламенттиң төменги палатасы ўәкилликлерине байланыслы басқа мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети

 

ӨзА