Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының

ҚАРАРЫ

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 9, 14, ҳәм 16-статьяларына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы

ҚАРАР ЕТЕДИ:

 1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутлары сайлаўын өткеретуғын төмендеги сайлаў округлери дүзилсин:

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ

1- Нөкис сайлаў округи

(Орайы – Нөкис қаласы, Нөкис медицина колледжиниң имараты).

Нөкис қаласы: «Шымбай шайхана», «Халықлар дослығы», «Шығыс», «Шайырлар аўылы», «Тынышлық», «Дослық», «Сәрбиназ», «Тунғыш қоныс», «Қурылысшы», «Қоскөл», «Алмазар», «Елиабат», «Дәрбент», «Қум аўыл», «Жеке терек», «Туран», «Темир жол», «Өрнек, «Нур», «Бағшылық», «Жаңа базар», «Қызыл қум», «Жайҳун», «Наўрыз», «Наўқан бағ», «Жуўазшы», «Бестөбе», «Боз аўыл», «Ақ отаў», «Гүзар», «Берекет», «Ғәрезсизлик», «Нәўбәҳәр», «Ватанпарвар», «Жипек жолы», «Дослық гүзары», «Гүлзар», «Теле орай», «Қаратаў» мәкан пуқаралар жыйынларының шегараларында;

Әмиўдәрья районында: «Қипчоқ» посёлкалық пуқаралар жыйыны, «Уйшин», «Дарё буйи», «Беш том», «Қум ёп», «Босув» мәкан пуқаралар жыйынларының шегараларында ҳәм «Қипчоқ», «Назархон», «Қангли», «Оқ олтин», «Тўлқин», «Чой кўл» аўыл пуқаралар жыйынларының шегараларында. (140,8)

2- Төрткүл сайлаў округи

(Орайы – Төрткүл районы 3-санлы балалар мектеп музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң имараты).

Төрткүл районының шегараларында:

Беруний районы:  «Навоий», «Шимом» аўыл пуқаралар жыйынларының шегараларында (140,5)

3 – Елликқала сайлаў округи

(Орайы – Елликқала районы, 18-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң имараты).

Елликқала районы аймағының шегараларында:

Беруний районы: «Бўстон», «Гулистон», «Бирлик», «Истиқлол», «Пахтакор», «Навоий», «Дўстлик», «Амир Темур», «Янгиобод», «Тўқимачи», «Бунёдкор», «Хоразм», «Қият», «Наврўз», «Марказий», «Жайҳун», «Шоббоз», «Турон», «Ибн Сино» мәкан пуқаралар жыйынлараның шегараларында ҳәм «Шоббоз» аўыл пуқаралар жыйынының шегараларында (145,4)

4 – Әмиўдәрья сайлаў округи

(Орайы – Әмиўдәрья районы, 3-санлы академиялық лицейдиң имараты).

Әмиўдәрья районы: «Жумуртов» посёлкалық пуқаралар жыйыны, «Навоий», «Чордара», «Бой овул», «Дурунки», «Дўстлик», «Янгиобод», «Фаровон», «Беруний», «Олмазор», «Гулзор», «Ойбек», «Бўстон», «Боғ», «Арна бўйи», «Хизр эли», «Беш овул», «Тош қалъа», «Юқори қишлоқ», «Аёқчи», «Намуна», «Тор ёп», «Қизилчоли», «Бўз солма», «Қорамон», «Ўзбекистон», «Жумур овул», мәкан пуқаралар жыйынларының шегараларында ҳәм «Амир Темур», «Тош ёп», «Ўрта қалъа», «Қиличбой», «Холимбег», «Дўрман», «Бўз ёп», «Хитой», «Куюк кўпир», «З.М.Бобур» аўыл пуқаралар жыйынларының шегараларында;

Беруний районы: «Палваш», «Жуманиязов», «Найман», «Қангшартол», «Мустақиллик» мәкан пуқаралар жыйынларының шегараларында ҳәм «Беруний», «Бийбозор», «Олтинсой», «Абай», «Дўстлик», «Махтумқули», «Озод», «Тинчлик», «Саркоп», «Қизилқалъа», аўыл пуқаралар жыйынларының шегараларында (144,3)

5 – Хожели сайлаў округи

(Орайы – Хожели районы, Хожели транспорт кәсип-өнер колледжиниң имараты).

Хожели районы аймағының шегараларында;

Тақыятас районы аймағының шегараларында;

Шоманай районы: «Қарабайлы», «Моншақлы», «Мәденият», «Айбүйир», «Таза базар», «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйынларының шегараларында ҳәм «Мамый», «Бегжап», «Бирлешик», «Сарманбайкөл», «Кетенлер», «Ақ жап» аўыл пуқаралар жыйынларының шегараларында (141,7).

6- Шымбай сайлаў округи

(Орайы – Шымбай районы, Шымбай педагогикалық колледжиниң имараты).

Шымбай районы аймағының шегараларында:

Қараөзек районы аймағының шегараларында;

Тахтакөпир районы аймағының шегараларында;

Кегейли районы: «Ақтуба», «Жалпақжап», «Қумшүнгил» аўыл пуқаралар жыйынларының шегараларында (136,2)

7- Арал сайлаў округи

(Орайы – Қоңырат районы, Қоңырат санаат кәсип-өнер колледжиниң имараты).

Қоңырат районы аймағының шегараларында;

Мойнақ районы аймағының шегараларында;

Қаңлыкөл районы аймағының шегараларында;

Бозатаў районы аймағының шегараларында;

Шоманай районы «Дийқанабад» аўыл пуқаралар жыйынының шегараларында (141,8).

8- Ақмаңғыт сайлаў округи

(Орайы – Нөкис районы, 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң имараты).

Нөкис районы аймағының шегараларында;

Кегейли районы: «Нурлы бостан», «Жилўан жап», «Мәденият», «Абат мәкан», «Гүжим терек», «Бахытлы», «Қуяшлы», «Алтын тала» мәкан пуқаралар жыйынларының шегараларында ҳәм «Абат», «Жүзимбағ», «Жаңа базар» аўыл пуқаралар жыйынларының шегараларында;

Нөкис қаласы: «Ботаника бағы», «Айдын жол», «Жийдели байсын», «Көк өзек», «Таслақ», «Байтерек», «Нәўпир», «Ақ жағыс», «Саманбай», «Анасай», «Әмиўдәрья», «Жолшылар», «Алланияз», «Қаҳарман», «Қутлы мәкан», «Қаттағар», «Гөне қала», «Ҳаўа жолы», «Қосбулақ», «Қумбыз аўыл», «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйынларының шегараларында (139,0)

2. Усы қарар Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында, «Халқ сўзи» ҳәм «Народное слово» газеталарында, сондай-ақ, жергиликли баспасөзде жәриялансын.

3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы

М.АБДУСАЛОМОВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 7-октябрь