USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЗАМАНАГӨЙ ТАШКЕНТ ЖАҢА КӨРИНИСТЕ БОЙ ТИКЛЕМЕКТЕ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  9-октябрь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Алмазар районында қурылып атырған «Olmazor business city» исбилерменлик орайының қурылыс майданына барды.

Шавкат Мирзиёев: Энергияни тежаш орқали турар жойлар нархини арзонлаштириш керак

Түркияның «Меsа mesken» компаниясы тәрепинен қурылып атырған заманагөй исбилерменлик орайының улыўма баҳасы 135 миллион долларды қурайды. Қурылыс жумыслары быйыл февраль айында басланған болып, буның ушын 23,5 гектар жер ажыратылған.

Жойбар 6 лотқа бөлинген болып биринши ҳәм екинши лотлар саўда ҳәм кеўилашар орынларды қамтып алған. Үш, төрт ҳәм бесинши лотларда 9, 12, 13, 18 ҳәм 30 қабатлы турақ жайлар бой тиклейди. Алтыншы лотта 300 орынға ийе мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм 500 орынға ийе мектеп қурылысы нәзерде тутылған.

Жаңа Алмазар көшеси ҳәм Киши айланба жолы арасындағы аймақта қурылып атырған бул гүзарда 2 мың 100 квартиралы 28 көп қабатлы турақ жай қурылады. Бул турақ жайлардың биринши қабатында 70 саўда дүканы жайласады. Ҳәзирги ўақытта исбилерменлик орайында қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы дөретиўшилик жумыслары менен танысып, коммуникация тармақлары, жол инфраструктурасы, жасыл ландшафтлардың жайласыўына итибар қаратты. Аймақтың 4 гектар бөлегинде қурылыс жумыслары әмелге асырылса, 16 гектар майдан көклемзарластырылады. Қичқириқ каналы жағасындағы дерлик 3,5 гектар аймақта кеўилашар орынлар қурылады.

Президентимиз бөлмелердеги шараятларды кирип көрди. Кең, ықшам квартираларда барлың қолайлықлар жаратылған. Мийманхана, асхана, үлкенлер ҳәм балалар жатақханаларының жайласыўы, заманагөй дизайны итибарды тартады. Турақ жай комплексиниң абзаллықларынан және бири – квартиралар жасаў ушын таяр ҳалда сатылады.

Турақ жайлардың сыртқы бөлиминде базальт ысытыў қапламасынан пайдаланбақта, ҳәр бир бөлмеге өз алдына ысытыў системасы орнатылды. Исбилерменлик орайын 2021-жылдың ақырына толық пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

– Турақ жайлардың санын көбейтиў, энергияны үнемлеў арқалы турақ жайлардың баҳасын арзанлатыў керек. Буның ушын қурылыс материаллары, базальт талшығын ислеп шығарыў кәрханаларын көбейтиў, ҳәр бир аймаққа жеткерип бериў зәрүр, – дейди Шавкат Мирзиёев.

Қурылыс жумысларының барысы, өзине тән өзгешеликлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Қурылыста жергиликли материаллардан пайдаланып атырғаны, турақ жайлар да толық мәмлекетимизде ислеп шығарылған турмыслық техника ҳәм мебельлер менен үскенелениўи атап өтилди.

– Қурыў бул биринши қәдем. Ең баслысы – квалификацияланған эксплуатация. Турақ жайларға, адамларға сапалы хызмет көрсетиў, инженерлик үскенелерден нәтийжели пайдаланыў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы қурылысшы ҳәм жуўапкерлер менен сәўбетте.

Усы орында Алмазар районының белсендилери менен сөйлести. Халықтың абаданлығын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, жаслардың тәрбиясына итибар қаратыў, жынаятшылықтың алдын алыў, елимизде жүз берип атырған, өзгерислерди үгит-нәсиятлаў ҳаққында сөз болды.

Ҳәр бир аймақтың шараятына қарап шетки районларда да сапалы, арзан ҳәм қәўипсиз турақ жайлар қурыў, қурылыс материалларын ислеп шығарыўды және де көбейтиў бойынша жуўапкерлерге зәрүр тапсырмалар берилди.

Шавкат Мирзиёев ташаббуси билан Тошкент чинни заводи қайта тикланди

Президентимиз өткен жылы 29-июнь күни Аламазар районының халқы менен ушырасыў ўақтында Ташкент фарфор заводын қайта тиклеў зәрүрлигин атап өткен еди. Өткен қысқа ўақытта бул баслама әмелге асты, заманагөй фарфор заводы қурылды.

Мәмлекетимиз басшысы бур кәрхананы барып көрди.

Бир ўақытлары Өзбекстан фарфорының даңқы пүткил дүнья жүзине танылған. 1952-жылы қурылған Ташкент фарфор заводында ислеп шығарылған өнимлер халықаралық көргизбелерде сыйлы орынларға ийе болған, көплеген мәмлекетлерге экспорт етилген. Мәселен, Өзбекстан халық художниги Ёқуб Қорибоевтиң «Ақ алтын» – халық тилинде пахта гүлли фарфор аты менен белгили топламы Лейпциг қаласында, художник Анвар Нўъмоновтиң «Таң» топламы Загреб қаласында болып өткен халықаралық көргизбелерде алтын медаль менен сыйлықланған.

Ғәрезсизлик жылларында Ташкент фарфор заводы оғада ашынарлы жағдайға келип қалған еди. Заводқа 98 процент шийки зат шеттен келтирилген. Бул өзине түсер баҳаға тәсир еткен.  Өндирис заман талаплары тийкарында шөлкемлестирилмегени, базар үйренилмегени, тийкарғысы, өнимниң өзине түсер баҳасы қымбат болғанлығы себепли кәрхана 2005-жылға келип жумысын пүткиллей тоқтатты.

Әжайып керамика өнимлери санаат тармағында ойланбастан әмелге асырылған меншиклестириўден кейин жүзеге келген аўыр жағдай себепли мәмлекетимизге фарфор буйымлары тийкарынан шеттен келтирилип атырған еди.

Усы түрдеги өнимлерге болған талапты қанаатландырыў ҳәм жергиликли фарфор санаатын және тиклеў мақсетинде буннан бир неше жыл алдын Термиз районында «Сурхон Термиз чинни» ЖШЖ шөлкемлестирилди. Бул жерде бүгинги күнде елиўге жақын түрдеги фарфор буйымлар ислеп шығарылып, өнимниң бир бөлеги қоңсы Аўғанстан ҳәм Тәжикстанга экспорт етилмекте. Шийки зат Сурхандәрья ўәлаятындағы Жерданак каолин кәнинен алынады. Ол сырт еллердеги каолин шийки заты менен арқайын бәсекилесе алады.

Ташкент фарфор заводы бул бағдардағы излениўлердиң гезектегиси болды. Әҳмийетли тәрепи сонда, алдынғы заводтан парықлы түрде жаңа кәрхана 100 процент жергиликли шийки зат тийкарында ислейди, Атап айтқанда, саз ылайлы сланец Жерданак кәнинен, кварц қумы ҳәм дала шпаты Самарқанд ўәлаятындағы Ингичка кәнинен, доломит Қашқадәрья ўәлаятының Дийқанабад ҳәм Гүзар районларындағы кәнлерден келтириледи. Бул өнимниң өзине түсер баҳасы бираз арзан болып есапланады.

Президентимиздиң тапсырмасына муўапық, заводтың жумысын қайта тиклеў мақсетинде «Алоқабанк» тәрепинен улыўма баҳасы 87 миллиард сум муғдарындағы жойбар әмелге асырылды. Пайдаланылмай атырған объект реконструкцияланып ҳәм қосымша имаратлар қурылып, Қытайдың «Huanggang Huauao Zhongbo Klin Technology Co. Ltd.» компаниясының үскелери орнатылды. 300 жумыс орны жаратылды.

Усы күнлерде иске қосылатуғын кәрханада асхана ыдыслары, сувенирлер, имаратлардың ишки безеўлерин таярлаў жолға қойылады. Завод үш ярым жылда өзин ақлайды. Өним импорт орнын толтырып, Россия, Украина, Грузия, Әзербайжан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлерине экспорт етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа кәрхананың цехларын көзден өткерип, өним таярлаў процесси менен танысты.

– Бул завод Өзбекстанның мақтанышы, – деди Шавкат Мирзёев. – Илгери мәмлекетимизге мийман келсе ямаса ўатанласларымыз сырт елге барса, усы заводтың топламларынан саўға ететуғын еди. Енди усы жаңа кәрхана оннан да шырайлы, сапалы ҳәм баҳалы өнимлер таярлаўы керек.

Жуўапкерлер менен сәўбетте заводтың жумысын кеңейтип, кластерге айландырыў, және де көплеп ҳаял-қызлар ҳәм жасларды жумысқа тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимизде қаншадан-қанша турақ жайлар қурылып атыр, адамлардың турмыс сапасы өзгерип атыр, – деди Президент. – Жаңа турақ жайға көшкен ҳәр бир шаңарақ әлбетте фарфор буйымлар сатып алады. Юбилейлер, фестивалларға бағышланған, саўға ушын топламлар да шығарыў мүмкин. Буның ушын дизайн үстинде ислеў, базар талабын үйренип, илимпазлар ҳәм технологлар менен бирге ислесиўде заманагөй өнимлер таярлаў, жаңа брендлер жаратыў керек. Мәселен, миллий нағысларымыз, сюзанналарымыз бул бағдарда үлкен дәрек бола алады.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхана жанында шөлкемлестирилген фарфор буйымлар музейин көзден өткерди. Заводта ислеген мийнет ветеранлары менен сәўбетлести.

Усы орында Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын санаат ҳәм инвестициялық жойбарлардың презентациясы да өткерилди. Президент экспортты раўажландырыў, сыртқы саўда әмелиятларын жеңиллестириў мақсетинде Ташкент қаласы ушын заманагөй мультимодаллық логистика орайын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Президент Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, «Tashkent Сity» халықаралық орайының қурып питкерилген дәслепки объектлери – Конгресс холл ҳәм «Hilton» мийманханасын барып көрди.

«Tashkent City» бизнес орайлар, мийманханалар, офислер, көп қабатлы турақ жайлар, ресторанлар ҳәм басқа да объектлерди өз ишине алған заманагөй қалаша болады.

Президентимиз быйыл 14-март күни «Tashkent City»да әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысқан ҳәм Конгресс холлдың тийкарғы залы, ҳәр бир ханасын көзден өткерип, олардың қалай безелиўи, үскенелениўи, мийманлар ушын қолайлы шараят жаратыўы, халықаралық саммитлер ўақтында көплеген делегациялардың қатнасыўын есапқа алып, жоқары мәртебели мийманлар ҳәм қатнасыўшылардың ҳәрекетлениўи, еки ҳәм көп тәреплеме ушырасыўлар өткериў, дем алыў ушын кеңнен имканиятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Усы көрсетпелер тийкарында «Tashkent City» аймағындағы қурылыс жумыслары 7 лотқа бөлинген ҳалда әмелге асырылмақта. Конгресс холл ҳәм «Hilton» мийманханасы бесинши лотта қурылған.

Конгресс холлдың имараты мәмлекетлераралық сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар өткериўге мөлшерленген. Имараттың улыўма майданы 43 мың квадрат метр. Биринши қабатта 3,5 мың қатнасыўшыға мөлшерленген үлкен конференциялар залы, сырт мәмлекетлер басшыларының өз алдына ислеўи ушын ханалар, сөйлесиўлер ушын заллар, ресторан, киши концерт залы, ушырасыўлар ҳәм дем алыў ханалары бар. Екинши қабатта қосымша мәжилислер ханалары жайласқан. Биринши қабат заманагөй дизайнде, екинши қабат болса классикалық усылда қурылған. Коридорлар елимиз художниклериниң ең жақсы шығармалары менен безетилген. Және бир итибарлы тәрепи коридорларда Ташкенттиң 12 ески дәрўазасының гилти өзине тән дизайнде қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы Конгресс холлдың ҳәр бир хана ҳәм залларын кирип көрди.

Бес жулдызлы «Hilton» мийманханасының улыўма майданы 51 мың квадрат метр. 21 қабатлы бул имараттың бийиклиги 85,5 метр. 258 номер бар. Пардозлаў ҳәм үскенелеўде заманагөй дизайн ҳәм ашық реңлер кеңнен қолланылғаны адамның кеўил-кейпиятын көтереди. Барлық заманагөй мийманханаларда болғаны сыяқлы бул жерде де бир неше ресторан, бассейн, спорт зал, SPA-салон ҳәм басқа да салонлар бар. Хызметлердиң түри көп, сапасы жоқары дәрежеде.

Шавкат Мирзиёев мийманханада жаратылған шараятлар менен танысты, аймақ орайындағы қыябанды көзден өткерди.

«Tashkent City»да қурылыс жумыслары даўам етпекте. Бул жерде 8, 9, 20, 21, 26, 28, 30, 33, 51 қабатлы турақ жайлар, мийманхана имаратлары, саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплекслери, мыңлаған машиналар ушын мөлшерленген жер асты автомобиль туратуғын жерлер, балалар бақшасы ҳәм саламатлық орайы қурылады.

Тек ғана Өзбекстанда емес, ал Орайлық Азияда жаңа, заманагөй қурылыс технологиялары тийкарында қурылып атырған «Tashkent City» көркемлиги ҳәм саўлатлығы менен дүньяның ең гөззал қалалары менен бәсекилесе алады.

Умар АСРОРОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Алоуддин ҒАФФОРОВ,

ӨзАның  хабаршылары