Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги мектеп оқыўшыларының аўқаттан зәҳәрленгени ҳаққында хабар берди деп жазады gazeta.uz сайты.

8-октябрь күни саат 20.30 Әндижан районындағы жуқпалы кеселликлер емлеўханасына 4 пуқара кеўил айныўы, қусыў, бас аўырыўы, улыўма ҳәлсизлениў, диярея, асқазан аўырыўы, дене температурасының көтерилиўи сыяқлы белгилер менен мүрәжат еткен. Сол күни және 23 пуқара «аўқат токсикоинфекциясы» бирлемши диагноз бенен емлеўханаға жатқарылған.

Жәми 27 пуқарадан 24 пуқара райондағы 35-мектептиң оқыўшылары, бир класс басшысы ҳәм бир мектеп оқыўшысының анасы – туўылған күн мүнәсибети менен торт писирип алып барған, және усы мектеп оқыўшысы торттан үйиндеги қарындасына апарып бергенлиги нәтийжесинде зәҳәрлениў жүзеге келген.

Жағдай бойынша ўақыя орнына ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармасы, ўәлаятлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы, Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық қадағалаў инспекциясының қәнигелери тартылды. Барлық наўқаслардан алынған ажыратпалар  СЭОО лабораториясында тексерилмекте. Ҳәзирги ўақытта 12 наўқас емленбекте, 15 наўқастың жағдайы қанаатландырарлы болғаны ушын үйине рухсат берилген.

Наўқаслардың жағдайы, жуўмақлаўшы диагноз және өткерилген профилактикалық ҳәм эпидемиологияға қарсы илажлар ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи.

Жүз берген жағдай денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен қадағалаўға алынған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги