Швецариядағы Нобель комитети химия бағдарындағы 2019-жыл лауреатларын жәриялады. Әпиўайы литий-ион батареяны көп мәрте ислетсе болатуғын етип, қайта-қайта зарядлаў имканиятын ашқан илимпазлар – Жон Б.Гуденоф, М.Стэнли Уиттингем ҳәм Акира Ёсино химия бойынша 2019-жылғы Нобельге ылайық көрилди.

Дәслепки Нобель сыйлығы 150 мың швед кронын қураған. Өткен әсирдиң 80-жылларында сыйлықлар дерлик 880 мың кронн болған. 90-жылларда сыйлықтың муғдары сезилерли дәрежеге артты. 2015-жылда сыйлық 8 миллион швед кронасын қураған. Бул шама менен 1,1 миллион АҚШ долларына тең.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги