9-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Нөкис қалалық өрт қәўипсизлиги бөлими тәрепинен семинар ҳәм көргизбели оқыў-шынығыўы өткерилди. Илажда өрт-қутқарыў бөлимлериниң арнаўлы техникалары, күш ҳәм қураллары көрсетилип, жыйналғанларға өрт қәўипсизлиги қағыйдалары, айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиўге байланыслы түсиниклер берилди.  

Илажды өткериўден мақсет – пуқаралардың өрт ҳәм техника қәўипсизлиги  мәселесиндеги билимин, сондай-ақ, усындай келип шығыўы мүмкин болған айрықша жағдайларда олардың қорғаныў бойынша көнликпелерин арттырыўдан ибарат.

– Семинарда өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, республикамыздың социаллық тараў объектлерин 2019-2020-жыллар даўамында гүз-қыс мәўсимине таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында қәнигелер мағлыўмат берди. Сондай-ақ, жыйналғанлар өрт ҳәм техника қәўипсизлиги бойынша өзлериниң миннетлери ҳәм ҳуқықлары туўралы түсиникке ийе болды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкери М.Далиев. – Инсан билимлерди оқығанда 5-10, көргенде болса 30-40 процентин еслеп қалады. Усыны есапқа алсақ, бүгинги илаж қатнасыўшылары айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиўге байланыслы билимлерин анағурлым беккемлеп алды, деп ойлайман.

 М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.