«Өзбекстан» баспа-полиграфиялық дөретиўшилик үйи тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Нияти улуғ халқнинг иши ҳам улуғ, ҳаёти ёруғ ва келажаги фаровон бўлади» (Нийети уллы халықтың иси де уллы, турмысы нурлы ҳәм келешеги абадан болады) атлы жаңа шығармасы баспадан шығарылды.

Бул китап Президент шығармаларының 3-томы есапланып, китап 3 бөлимнен ибарат.

Шығарманың биринши бөлимине мәмлекетимиздиң сиясий-социаллық турмысындағы ең әҳмийетли ўақыялар мүнәсибети менен шығып сөйлеген сөзлери ҳәм баянатлар киргизилген.

Китаптың екинши бөлиминен болса сырт мәмлекетлер ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыўларда шығып сөйлеген сөзлери ҳәм баянатлар, үшинши бөлимнен елимизде кеңнен белгиленип киятырған улыўмахалықлық байрамлар, тарийхый сәнелер, түрли халықаралық әнжуманлар, илажлар ҳәм мәресимлер мүнәсибети менен жолланған қутлықлаўлар орын алған.

 

ӨзА