Аўғанстанда жүз берген жер силкиниўи Ташкент ҳәм басқа да қалаларда сезилди.

9-октябрь күни 15:44 те Аўғанстанда жүз берген жер силкиниўи Ташкент ҳәм басқа да қалаларда сезилди. Бул ҳаққында  gazeta.uz  сайты хабар берди.

Айрықша жағдайлар бойынша министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг республикалық орайының мағлыўматына бола, жер силкиниў магнитудасы 5,5 ти қурады.

Жер асты силкиниўлериниң күши Ташкентте (эпицентрдан 524 км), Наманган, Әндижан, Ферғана, Гүлистан, Жиззақ, Самарқанд ҳәм Қаршыда 2 балл, Термизде (293 км) болса 2-3 баллға жетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги