Усы жылдың 1-июль сәнесинде Әндижан ўәлаятының Ханабад қаласынан Қарақалпақстанның Мойнақ районына пияда жолға шыққан пуқара Соҳиб Ражабов арадан 2 ай өтип 97 күнде Хорезм ўәлаятына жетип келди.

Пуқараның 2200 км аралықты қурайтуғын маршрут бойлап жүриўинен мақсет Өзбекстанның қәншелли қәўипсиз мәмлекет екенлигин дәлийллеў ҳәм елимиздиң туристлик потенциалын көрсетиў болып есапланады.

Соҳиб Ражабов өзиниң телеграм мессенжериндеги «Пешком по Узбекистану» каналында Хорезм ўәлаятына жетип келгенин мәлим еткен.

Соҳиб жол бойы көрген-билгенлерин сүўретке алып, өзиниң каналына жайластырып бармақта.

Қаҳарманымызды көрген ҳәм таныған хорезмли ўатанласлар олар менен бирге сүўретке де түспекте.

«Давлатбек ака и Зохиджон ака из компании встретили меня в Хорезмской обл. По дороге Ургенч.»

«Жамал аға каналымыздың ықласбенти!!! Жолда көристик!!!»

Соҳиб Ражабов Үргенш көшелерин сүўретке алып өзиниң каналына жайластырмақта.

Қаҳарманымыз ҳәзирги ўақытта Үргенш қаласындағы шаңарақлық мийманханаға  барған ҳәм өзиниң тәсирлерин төмендегише билдирген: – «Соның ушын шаңарақлық мийманхана. Пүткил шаңарақ жыйналған. Мени оғада жақсы күтип алды, сәўбетлести, сапарымның тәсирлери ҳаққында сөйлестик!!! Раҳмет дослар!!!»

Буннан кейин да Соҳиб Ражабов Хорезмде бир неше күн болып ўәлаяттың туристлик мәнзиллерине сапарын даўам еттиреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги