Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм район (қала)лық кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларда сиясий партиялар өзиниң сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлағанын билдиретуғын белгиленген муғдардағы сайлаўшының имзасын топлағанда депутатлыққа талабанларын көрсетиўи мүмкин.

Бурын хабар берилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 миллион 100 мыңнан аслам пуқаралардың сайлаўларда қатнасыўы күтилмекте.

Әмелдеги нызамларға муўапық, сайлаўшылардың имзасын топлаў жумыслары кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде, исбилерменлик субъектлеринде алып барылмақта.

– Имза топлаў жумысларында өз жумысларында белсендилик көрсеткен, тәжирийбели қәнигелеримиз қатнаспақта,-дейди ӨзЛиДеП Нөкис қалалық кеңесиниң аппарат баслығы А.Пиржанов. – Аймақлардағы төменги буўынлар, исбилерменлик субъектлери, ҳаял-қызлар ҳәм белсенди жаслар бизиң тийкарғы күшимиз болып есапланады.

Сайлаў кодексинде белгиленгениндей, быйылғы сайлаўларға имза топлаўдағы жаңалықлардың бири бул имза қағазына мағлыўмат киргизип атырған шахс бес партия ушын да имза қойыўы мүмкин.

Ушырасыўларда усындай өзгерислер ҳәм сайлаў нызамшылығына байланыслы басқа мағлыўматлар ҳәр тәреплеме түсиндирилип барылмақта.

Ҳәзирги күнде имза топлаў процеси тамамланыў алдында турыпты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.