Саудия Арабстанында тарийхта биринши мәрте ҳаял-қызларға армияда хызмет етиўге рухсат берилди. Бул ҳаққында ТАСС хабар береди.

Атап өтилиўинше, оларға ҳәр қандай түрдеги бөлимлерде сержант лаўазымында хызмет етиўге рухсат берилген.

Мәмлекеттиң пуқаралық қорғаныў бойынша орайының бурынғы басшысы Хасан аш-Шахридиң айтыўынша бул ҳаял-қызларға кең имканиятларды береди.

Бурын мәмлекетте ҳаял-қызлардың жалғыз саяхат етиўине рухсат берилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.