Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети тәрепинен «Умра – 2019» мәўсими бойынша брифинг шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимизде диний-ағартыўшылық тараўында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, мөмин-мусылманлар өзлериниң ибадатлары, диний мәресимлерин емин-еркин орынлап, ҳәр жылы мыңлаған ўатанласларымыз Ҳаж ҳәм Умра ибадатларына қатнасып келмекте. Пуқараларымыздың муқаддес зыяратын атқарыў ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Умра сапарына баратуғын зыяратшылардың санын белгилеў бойынша шеклеўлер алып тасланғаны пуқараларымызды және де қуўандырды.

Алдын пуқараларымыз Умра сапарына барыў ушын жыллап нәўбет күтетуғын еди, басқа жоллар менен барыў имканиятларын излейтуғын еди. Едигиден былай артықша әўерешилик ҳәм шаба-шаплар сапластырылды.

Кейинги 2-3 жыл ишинде Президентимиздиң басламасы менен Ҳаж ҳәм Умра сапарына баратуғын пуқараларымыз ушын жаратылатуғын шараят ҳәм хызметлерге айрықша итибар қаратылып, сезилерли жетискенликлерге ерисилди. Соның ишинде, өткен жылдан берли зыяратшыларымызға Мадина қаласында «Масжидун Набавий»ден 50 метр узақлықта жайласқан 5 жулдызлы «Пулман Зам-зам», Мекке қаласында болса «Масжидул ҳарам»нан 600-650 метр қашықлықтағы 4 жулдызлы «Аброж ал-Кисва» мийманханасы хызмет көрсетпекте.

Брифингте айтылыўынша, 2019-жыл Умра мәўсими ушын жумсалатуғын қәрежетлердиң смета жойбары ислеп шығылды ҳәм ҳәр бир зыяратшыдан алынатуғын қаржы өткен Умра сапары ушын төленетуғын қаржы муғдарынан арзанластырылған. Яғный, 11 миллион 600 мың сумнан 11 миллион 450 мың сумға түсирилген.

Атап өтилгениндей, усы жылы сентябрь айынан баслап Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм Умра ислери министрлиги тәрепинен ҳәр бир зыяратшы ушын қосымша 132 АҚШ доллар муғдарында қаржы ажыратылмақта. Келисимге бола, бул қосымша қаржы Умра зыяраты ушын быйыл ноябрь айынан баслап дүзилетуғын кейинги шәртнамада қосылыўы белгилеп алынды.

Сондай-ақ, Саудия Арабстаны Патшалығындағы шериклер тәрепинен өзбекстанлы зыяратшыларды күтип алыў жумыслары жуўмақланған ҳәм олар ушын барлық шараятлар таярлап қойылған.

Соның ишинде, ҳәр бир зыяратшы ушын төленетуғын қаржы ишинде Саудия Арабстаны Патшалығының рәсмий визасы, Ташкент – Жидда – Ташкент жөнелиси бойынша авиабилет, Мекке ҳәм Мадина қалаларындағы 5 ҳәм 4 жулдызлы мийманхана, тағамлар, ҳәр қыйлы мийўелер, мазалы затлар ҳәм салқын ишимликлер қамтып алынған. Сондай-ақ, 24 саатлық бийпул толық медициналық хызмет, мәмлекетимиздиң белгилери түсирилген арнаўлы жеңсиз ҳәм сумка, Умра қолланбасы (китабы), бейжик, қол таспаси, вакцина, заманагөй транспорт ҳәм басқа да зыярат хызметлери киргизилген. Зыяратшыларымыз ушын мийманханаларда жоқары дәрежедеги сервис хызмети жолға қойылады.

Брифингте Умра сапары даўамында зыяратшыларымызға хызмет көрсетиў, олардың ибадатлары минсиз болыўы ушын билимли, тәжирийбели топар басшылары сайлап алынған. Умра зыяраты 10 күнди қурап, ўатанласларымыз 3 күн Мадинада, 7 күн Мекке қаласында болды.

Умра сапары даўамында зыяратшыларға өзбекстанлы 5 жумысшы топар, 200 топар басшысы (елиўбасы) ҳәм 47 шыпакер хызмет көрсетеди.

Кириў визасына байланысла мәселелер тез арада шешилгеннен кейин, Умра сапарына атланған биринши топар зыяратшыларымыздың Саудия Арабстанға жөнеп кетиў күни Дин жумыслары бойынша комитеттиң рәсмий веб-сайты арқалы жәрияланады.

 

Гулноза БОБОЕВА, ӨзА