USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ҒМДА САММИТИНДЕ ҚАТНАСЫЎЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 10-11-октябрь күнлери Ашхабад қаласында болып өтетуғын Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисине қатнасады.

Мәжилисте Дослық Аўқамы шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған комплексли мәселелерди додалаў, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған халықаралық машқалалар бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Саммит жуўмағында бир қатар ҳүжжетлер, соның ишинде, 2020-жылда ҒМДА ға басшылықтың Өзбекстан Республикасына өтиўи ҳаққындағы қарар, Стратегиялық экономикалық бирге ислесиў ҳаққындағы декларация, 1941-1945-жылларда Уллы Ўатандарлық урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен ҒМДА ға ағза мәмлекетлер басшыларының Дослық Аўқамы мәмлекетлери халықлары ҳәм халықаралық жәмийетшиликке мүрәжаты, 2020-2022-жылларда терроризм, экстремизм ҳәм күш көрсетиўдиң басқа да көринислерине  қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти ҒМДА саммитиндеги қатнасыўы шеңберинде Ашхабадта бир қатар мәмлекетлердиң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

ӨзА