Арқа-Батыс әскерий округинде ең жуўапкерли илажлардың бири – қурал-жарақ ҳәм әскерий техникаларды қысқы шараятларда пайдаланыў режимине өткериў жумыслары басланды.

Округтиң баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, усы комплексли илажлар әскерий техникаларды жоқары әскерий таярлық дәрежесинде услап турыў ҳәм ҳаўа райының суўық шараятында барқулла саз ҳалда болыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Усы илажлар шеңберинде Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде қурал-жарақ ҳәм әскерий техникаларды жазғы шараяттан қысқы шараятта пайдаланыў режимине өткериў бойынша көргизбели шынығыў илажлары әмелге асырылды. Оған әскерий хызметкерлер ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты.

Онда әскерий округ әскерлери сәркардасы, полковник Д.Чориев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, әскерий техника ҳәм қурал-жарақлардың жаўынгерлик таярлығын тәмийинлеўде техникалық хызметлердиң әҳмийетин атап өтип, ҳәр бир командир менен әскерий хызметкерди өзине бекитилген қурал-жарақ ҳәм әскерий техниканы саз ҳәм таяр ҳалда сақлаўға шақырды.

Сондай-ақ, әскерий округ әскерлериниң шынығыўы даўамында  техникаларды сақлаў паркинде онлаған оқыў точкалары шөлкемлестирилип, ол жерде қәнигелер тәрепинен жаўынгерлик машина, танк, брон-транспортёрлар, арнаўлы техника, транспорт ҳәм байланыс қуралларының қысқы шараятта пайдаланыў режимине өткериў жумысларының әҳмийети, техникалық қәўипсизлик қағыйдалары, шөлкемлестирилген постларда нәтийжели ҳәм сапалы жумыс алып барыў, қурал-жарақ ҳәм техниканы суўық температураларда ҳәм жаўын-шашын шараятларында ислетиў қағыйдалары түсиндирилди.

Еслетип өтемиз: Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң әскерий бөлимлеринде бундай илажлар жылына еки мәрте – бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде әмелге асырылады. Реже бойынша октябрь айының ақырына шекем АБӘО бөлимлериндеги қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалардың барлығы қысқы мәўсимге пайдаланыў ушын таяр ҳалатқа келтириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.