Нобель ҳәптелигиниң екинши күнинде, физика тараўы бойынша быйылғы сыйлықтың ийелери жәрияланды. Швеция Патшалық Академиясы ағзаларынан ибарат төрешилер «Космостың эволюциялық раўажланыўы ҳәм Жердиң Космотағы орнын түсиндирип бергени ушын» тәрийпи менен, Жеймс Пиблсқа тең ярым үлес пенен, және «физикалық космология тараўындағы теориялық ашыўлары ушын тәрийпи» менен Мишель Майорға шерек үлес пенен, және «Қуяш түриндеги жулдыз әтирапында айланып атырған экзопланетаны ашқаны ушын» тәрийпи менен Дидье Келозға шерек үлестен бөлистирилип берилетуғын болды.

Демек быйылғы Нобель сыйлығы Космостың өтмиши және Космос дәслепки пайда болған заманлардағы структурасын теориялық жақтан тийкарлап берген илимпазға, Қуяш системасынан тысқарыда, бирақ, Қуяш пенен бир түрде болған жулдыз әтирапында айланатуғын экзопланетаны ашқан илимпазға берилди.

Жеймс Пиблс 1960-жыллардан берли Космостағы миллиардлап галактикаларды ҳәм галатика топарларын изертлеп келмекте. Космостың эволюциялық раўажланыўы тарийхы бағдарындағы бүгинги күн физикасы ийелеген билимлердиң басым көпшилиги Үлкен Жарылыўдан баслап, кейинги турақлы кеңейиўи ҳәм ҳәзирги ҳалатқа жетип келиў процесслерин өз ишине алады, ҳәм бул процесслердиң теориялық тийкарларын заманагөй физика Пиблстың илимий жумыслары арқалы билип алған. Пиблстың жумыслары арқалы биз, өзимизди орап турған Космостың структурасы ҳаққындағы билимлерди қолға киргиздик ҳәм атап айтқанда, биз таныған ҳәм билген әпиўайы материя Космостың тек ғана ≈5 процентин қурайтуғынын, қалған 95 процент Космос болса бизден жасырын болған және, заманагөй физика аңлай алмай атырған сырлы материя ҳәм сырлы энергиядан ибарат екенлигин билип алдық. Заманагөй физика шешиўи керек болған ең тийкарғы мәселелер ҳәзирги ўақытта тап усы – сырлы материя ҳәм сырлы энергия мәселелери болып турыпты.

Мишель Майор ҳәм Дидье Келоз болса  Қус Жолы галактикасын изертлеген. Олар экзопланеталарды излеў менен шуғылланған. 1995-жылда бул илимпазлардың ҳәрекетлери нәтийжесинде инсаният биринши мәрте Қуяш системасынан басқа жақта да, басқа жуулдызлардың әтирапында да планеталар бар екенлигин билип алды. Сол ўақытта, бул илимпазлар, биринши мәрте Қуяш типиндеги жулдыз әтирапында айланып атырған экзопланетаны ашқан еди. Дидье Келоз ҳәм Мишель Майорлардың бул ашыўы астрофизика тараўына өзгерискиргизди ҳәм тийкарында. бизиң Жер сыяқлы планеталар Космоста миллардлап бар екенлигин көрсетип берди. Ҳәзирги ўақытта астраномия 4000 нан аслам экзопланетаны анықлаған. Олардан басым көпшилиги дүзилиси ҳәм өз жулдызына салыстырмалы жайласыўына бола бизиң Жер сыяқлы болып оларда өмир бар болыўы итималын илим бийкарламай атыр. Бул ашылыўлардың изинен астраномия сондай-ақ, планеталардың пайда болыўы ҳәм қәлиплесиўине байланыслы жаңа теориялар да туўылды.

Быйылғы физика бойынша Нобель лауреатлары бизиң Космос ҳаққындағы танымымызды өзгертти, анығырақ етип айтқанда, оны және де байытты, Жеймс Пиблстың теориялық ашыўлары Космостың үлкен жарылыўдан кейин қалай раўажланғанын ашып берген болса, Мишель Майор ҳәм Дидье Келоз Космос шегараларынан жаңа планеталарды излеген ҳәм табыслы түрде бир неше планеталарды анықлаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги