Әмиўдәрья районында жасаўшы Б.Ю Нөкис қаласында жайласқан «Умидавтолизинг»  кәрханасы менен «Кобальт» автомашинасын алыў мақсетинде шәртнама дүзген еди.

Пуқара машина пулының 50 процент басланғыш төлеми, яғный 56 млн. 250 мың сум өткерген, бирақ усы күнге шекем кәрхана шәртнама шәртлерин бузып киятырғанынан наразы болып, Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясына мүрәжат еткен.

Бул мүрәжат есапқа алынып, арнаўлы тапсырмалар тийкарында Нөкис қалалық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетиниң хызметкерлери тәрепинен үйренип шығылды. Нәтийжеде автомашинаға алдыннан төленген пул тутыныўшының есап бетине өткерип берилди.

Және бир мәрте лизинг хызметлеринен пайдаланыўда сергекликке шақырамыз

Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының баспасөз хызмети

 

ӨзА