Пайтахтымызда Түркий тиллес мәмлекетлердиң Исбилерменлер кеңеси мәжилиси және Инвестиция ҳәм бизнес форум болып өтти.

Бул әнжуманлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл сентябрь айында кеңестиң Чолпан ота қаласында болып өткен саммитинде алға қойған басламасы шеңберинде биринши мәрте шөлкемлестирилди. Илажда Түркий кеңеске ағза мәмлекетлердиң исбилермен орталығының 300 ге шамалас, сондай-ақ, Өзбекстан тәрепинен министрликлер ҳәм уйымлар, исбилерменлик субъектлериниң 200 ден аслам ўәкили қатнасты.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов мийманларды қызғын қутлықлап, Түркий кеңес ағза мәмлекетлер арасында әмелий бирге ислесиўди, биринши гезекте, саўда, инвестиция, инновация, транспорт, туризм, мәдений ҳәм гуманитарлық алмасыў тараўларын раўажландырыўға жәрдем беретуғын нәтийжели регионаллық структура екенлигин атап өтти.

Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдат Амреев, өз гезегинде Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс, экономиканы либералластырыў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларды жоқары баҳалады.

Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси өз әтирапында түркий мәмлекетлерди бирлестирген үлкен халықаралық шөлкем есапланады. Структураның тийкарғы мақсети ағза мәмлекетлер арасында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдан ибарат.

Ҳәзирги ўақытта кеңеске төрт мәмлекет – Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркия ағза. Венгрия бақлаўшы статусына ийе. Шөлкемниң қурамына Стамбулда жайласқан Мәмлекетлик басшылар кеңеси, сыртқы ислер министрлери кеңеси, жоқары мәртебели шахслардың комитети, Түркийзибан мәмлекетлердиң ақсақаллар кеңеси ҳәм секретариат киреди.

– Мәмлекетимизди түркий тиллес мәмлекетлер менен көп әсирлик тарийх байланыстырып турады, – дейди әнжуманда бақлаўшы сыпатында қатнасып атырған мәмлекет – Венгрияның ўәкили, Будапешт Саўда-санаат палатасының басқарыў ағзасы Йозеф Ковач. – Биз регионды, атап айтқанда, Өзбекстанды өзимиз ушын ҳәр тәреплеме жақын шерик сыпатында тән аламыз. Кеңес шеңбериндеги илажларда бақлаўшы статусында қатнасқан ўақтымызда Венгрия ушын оғада көп имканиятлар ашылды. Жақын арада шөлкемниң толық ҳуқықлы ағзасы болыўдан үмит етемиз. Будапешт Саўда-санаат палатасы өткен әсирдиң 50-жылларында шөлкемлестирилген болса да, тек ғана соңғы 15 жылда раўажланыў басқышына көтерилди. Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағзалық биз ушын раўажланыўдың жаңа басқышы болатуғынына исенемиз.

Кеңес ағзаларының бул ретки ушырасыўында ағза мәмлекетлердиң шөлкемлер арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди, исбилерменлик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, саўда, санаат ҳәм исбилерменлик тараўларында регионаллық қатнасықларды беккемлеў мәселелери додаланды. Түркий саўда палаталары жумысының тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Мәжилисте кеңестиң жумысы ағза мәмлекетлердиң регионалараралық бирге ислесиўди кеңейтиўге бағдарланғаны атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Түркий саўда палатасының ағзалығына кириў мәселесин додалады. 2019-жыл 14-15-октябрь күнлери Әзербайжан пайтахты Баку қаласында болып өтетуғын Түркий кеңестиң  7-саммити шеңбериндеги Түркий Саўда палатасы ағзаларының мәжилисинде тийисли көп тәреплеме меморандумға қол қойылыўы режелестирилген.

Өзбекстанның кеңеске ағза болыўы саўда ҳәм инвестициялар ушын қолайлы шараят жаратыўға, өним, капитал, хызмет ҳәм технологиялардың еркин ҳәрекет етиўине басқышпа-басқыш өтиўи ушын бажыхана ҳәм транзит тәртип-қағыйдаларын, финанс-банк әмелиятын әпиаўайыластырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Түркий кеңес басшылығының пикирине қарағанда, Өзбекстанның бул шөлкемге кириўи тарийхый ўақыя есапланады. Бул кеңестиң жумысын раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болып, түркийтиллес мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге жәрдем береди.

Усы жылдың 14-сентябрь күни Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван келисимин ратификациялады. Соның менен, мәмлекетимиз шөлкемниң толық ҳуқықлы ағзасына айланды.

Исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси шеңберинде Инвестиция ҳәм бизнес форум да болып өтти. Онда 500 ден аслам қатнасыўшы, соның ишинде, кеңеске ағза мәмлекетлердиң саўда-санаат палаталарының басшылары, жоқары дәрежедеги ҳүкиметлик ўәкиллер, ағза мәмлекетлердиң исбилерменлери қатнасты.

Форум түркий дүнья исбилерменлер орталығы арасындағы байланысларды беккемлеў ушын беккем платформа жаратыўға, Өзбекстан ҳәм түркийтиллес мәмлекетлер арасында исбилерменлик, саўда, инвестиция ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиў перспективаларын додалаўға қаратылды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, экономика ҳәм валюта базарын либералластырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, бизнести қоллап-қуўатлаў, киши ҳәм орта бизнес және жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар менен танысты.

Мийманлар Өзбекстанда экономикалық өсиўдиң унамлы тәреплерин атап өтип, ҳүкиметтиң экономиканы еркинлестириў, сырт ел инвесторлары ушын зәрүрли шараятлар жаратыў бағдарындағы ҳәрекетин жоқары баҳалады.

Инвестиция ҳәм бизнес форум шеңберинде, сондай-ақ, түркийтиллес мәмлекетлердиң исбилермен орталығының қатнасыўынада «В2В» форматтағы ушырасыўлары болып өтти. Сөйлесиўлер даўамында тәреплер мәмлекетлераралық қатнасқларды раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда, атап айтқанда, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, фармацевтика, аўыл хожалығы, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бағдарларындағы бирге ислесиў мәселелерин додалады.

 

Ғайрат ХОННАЗЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы