USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЭКОНОМИКАЛЫҚ ҲӘМ СОЦИАЛЛЫҚ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ЖОЙБАРЛАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-октябрь күни сырт мәмлекетлер менен ерисилген келисимлердиң орынланыўы, жаңа инвестициялық ҳәм социалллық-экономикалық жойбарлардың додалаўына бағышланған мәжилис өткерди.

Дәслеп Бирлескен Араб Әмирликлери менен бирге ислесиўдеги инвестициялық жойбарлардың орынланыўы көрип шығылды. Усы жылы март айында мәмлекетимиз басшысының бул мәмлекетке рәсмий сапарасы оғада нәтийжели болған, ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша апрель айында «жол картасы» ислеп шығылған еди.

Онда көплеген перспективалы жойбарлар орын алған. 300 миллион долларға Самарқанд қаласының инфраструктурасын раўажландырыў, Наўайы ўәлаятында 200 миллион долларлық самал ҳәм 150 миллион долларлық қуяш электр станцияларын қурыў, 203 миллион долларлық Сырдәрья ўәлаятында целлюлоза, от-жем ҳәм қурылыс материалларын ислер шығаратуғын агросанаат кластерин шөлкемлестириў жойбарлары усылардың қатарына киреди.

Жуўапкерлер инвестицияның өзлестирилиўи басланған жойбарлардың орынланыўының барысы бойынша есабат берди. Сондай-ақ, нефть-газ, химия, энергетика, мийўе-овощларды қайта ислеў тараўларындағы перспективалы жойбарлар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жумыслардың, қурылатуғын завод ҳәм кәрханалардың экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетине итибар қаратып, оларды тез және пуқта әмелге асырыў керек екенлигин атап өтти. Жаңа жойбарлар бойынша сөйлесиўлерди жуўмақлаў, қурылыс жумысларын баслаў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

Бизге белгили, усы жылдың ақырында Президентимиздиң Японияға сапары режелестирилген болып, оған таярлық шеңберинде Токио менен энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларына байланыслы келисимлерге ерисилген.

Химиялық өнимлерди ислеп шығарыў, япон технологиялары тийкарында электростанция қурыў, суў тазалаў ҳәм суў тәмийнаты системасын модернизациялаў, қала қатнаўына мөлшерленген электробусларды ислеп шығарыўға байланыслы жойбарлар бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

Бул жоқары дәрежедеги сапарға таярлық ҳәм Япония менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жағдайы бойынша мағлыўмат берилди.

Мәжилисте быйыл январь-сентябрь айларында экспорт ҳәм инвестициялық прогноз көрсеткишлериниң орынланыў жағдайы ҳәм жыл жуўмағы бойынша усы бағдарларда әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар да көрип шығылды. Тоғыз айлықта экспорт көлеми дерлик 10 миллиард АҚШ долларды қурап, реже артығы менен орынланды. Экспорт номенклатурасы 74 жаңа түрдеги өним, географиясы 42 мәмлекетке кеңейди. Өсиў пәти тийкарынан мийўе-овощ, тоқымашылық, автомобиль қурылысы, энергетика тармақларының үлесине туўра келди.

Соның менен бирге, айырым шөлкем ҳәм аймақларда режелестирилген прогноз орынланбағаны атап өтилди. Жылдың жуўмағына шекем бул бағдардағы артта қалыўшылықты сапластырыў, барлық тармақ ҳәм аймақлар бойынша экспорт прогнозын орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте Қоқанд ҳәм Марғилан қалаларын 2020-2022-жылларда комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы да додаланды. Бағдарламаға муўапық, Қоқанд қаласында улыўма баҳасы 420 миллион долларлық 250, Марғилан қаласында 192 миллион долларлық  172 жойбардың әмелге асырылыўы белгиленген.

Ажыратылып атырған инвестициялар усы қалалардың инфраструктурасын раўажландырыў, социаллық шараятларды жақсылаў ҳәм жаңа турақ жайлар қурыўға бағдарланады. Президентимиз бул үш бағдар Қоқанд ҳәм Марғилан қалаларын ҳәр тәреплеме жаңалаў, адамлардың турмыс сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ташкент қаласында өткерилген Түркий тиллес мәмлекетлердиң Исбилерменлер кеңеси ҳәм инвестициялық форумның жуўмақларына да итибар қаратылды.

Алдын берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды ҳәм келешекте әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

ӨзА