Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-октябрь күни фонд базарын раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Қымбат баҳалы қағазлар базары экономикадағы бос пул қаржыларын жәмлеў ҳәм оны инвестиция процесслерине бағдарлаўдың әҳмийетли қуралы есапланады. Бул бағдардағы реформалардың дәслепки басқышы сыпатында усы жылдың басында Капитал базарын раўажландырыў агентлиги дүзилди. Мәмлекетлик облигациялар фонд базарына қайта шығарылды.

Бирақ қымбат баҳалы қағазларды шығарып, оларды фонд базарында сатыў механизминен нәтийжели пайдаланылмай атыр. Фонд базарындағы акциялардың жәми баҳасы 25 триллион сум болып, жалпы ишки өнимге салыстырғанда 6 процентке де жетпейди. Ал бул көрсеткиш Сингапурда 188 процент, Малайзияда 112 процент, Россияда 34 процентти қурайды.

Мәмлекетимизде усы жылы шығарылған мәмлекетлик облигациялар валюта биржасы арқалы тек ғана коммерциялық банклерге сатылған. Фонд базарының профессионал қатнасыўшыларының саны жүзге де жетпейди. Сол себепли 2020-2025-жылларда фонд базарын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў режелестирилген. Еркин айланыстағы жәми қымбат баҳалы қағазлардың жалпы ишки өнимге болған қатнасын 2025-жылдың ақырына шекем ең кеминде 10-15 процентке жеткериў мөлшерленген.

Мәжилисте буның ушын әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар додаланды.

Бүгинги күнде бул тараў 100 ге шамалас нормативлик ҳүжжетлер менен тәртипке салынып, көплеген шеклеўлер орнатылған. Мәселен, раўажланған мәмлекетлерде банклер фонд базарының белсенди қатнасыўшысы есапланады, елимизде болса банклерге басқа субъектлердиң акцияларын бирлемши базарда сатып алыў қадаған етилген.

Мәмлекетимиз басшысы нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығып, артықша шеклеўлерди бийкарлаў ҳәм фонд базарында ислеўди әпиўайыластырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде 605 акционерлик жәмийети акцияларының 85 проценти мәмлекетке тийисли. Соннан 105 жәмийеттиң тек ғана 5 процент акциясы фонд базарында қатнаспақта. Жәҳән әмелиятынан келип шығып, капитал базарында айланыста болған қымбат баҳалы қағазлардың түрлерин көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Қымбат баҳалы қағазларға болған талапты көбейтиў, сырт елли биржа, брокер ҳәм банклерди мәмлекетимиздиң фонд базарына тартыў илажлары додаланды. Қамсызландырыў компанияларына активлериниң белгили процентин фонд базарына бағдарлаў, банклерге бирлемши базарда жоқары ликвидли қымбат баҳалы қағазларды сатып алыў ушын рухсат бериў мәселелери көрип шығылды.

Инвесторлар ҳәм миноритар акционерлердиң ҳуқықын қорғаўды күшейтиў, дивидент төлеў ҳәм өндириўди жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буннан тысқары, корпоратив басқарыўды раўажландырыў, халықаралық финанслық есабат ҳәм халықаралық аудит стандартларына өтиў бойынша тапсырма берилди.

Тараўдың раўажланыўы қәнигелердиң маманлығы ҳәм халықтың бул бағдардағы саўатлылығына да байланыслы. Бүгинги күнде мәмлекетимизде тийисли жоқары маманлық гүўалығына ийе тек ғана 300 қәниге бар. Раўажланған мәмлекетлерде бул тараўда мыңлаған адамлар ислейди.

Сол себепли Капитал базарын раўажландырыў агентлигине Ташкент финанс институтының тийисли кафедрасын аталыққа алған ҳалда, алдынғы сырт ел мәкемелери менен биргеликте кадарлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм студентлерди оқытыў ўазыйпасы қойылды.

Фонд базарындағы өзгерислер ҳаққында көбирек мәлимлеме берип барыў, халықтың финанслық саўатлылығын арттырыў мәселесине де итибар қаратылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды ҳәм әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

ӨзА