Бүгин «Өзсанаатқурылысматериаллары» асоциациясы жәрдеминде қамыстан ДСП ислеп шығарыў жойбары бойынша Қытайдың «Panjin Jijia» Co LTD компаниясы ҳәм «Toshkent Plast Polimer»  ЖШЖ арасында инвестициялық келисимге қол қойылды. Бул ҳаққында асоциацияның баспасөз хызмети хабар берди деп жазады xs.uz сайты.

Шәртнамадан үлкен жойбарды әмелге асырыў ушын қолайлықлар ҳәм имканиятлар жаратыў, бирге ислесиўде жаңа түрдеги қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм бир қанша шөлкемлестириў мәселелери орын алған.

Қамыстан ДСП ислеп шығарыў жойбарының улыўма баҳасы 45 миллион АҚШ доллар болып, әҳмийетли тәрепи тиккелей сырт ел инвестициясы тартылады. Шәртнамаға муўапық, бул жойбар Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылады. Буның ушын Мойнақ районының «Тикөзек» аймағынан 50 гектар жер ажыратыў нәзерде тутылған. Жаңадан қурылатуғын завод жылына қамыстан 200 000 метр куб экологиялық таза, инсан саламатлығына қәўипсиз, сапалы ДСП ислеп шығарады. Сондай-ақ, жойбарда қамыстан таярланған өнимнен заманагөй мебельлерди ислеп шығарыў да режелестирилген.  Сол себепли завод соңғы модельдеги техника ҳәм технологиялар менен үскенеленеди. Әҳмийетли тәрепи, кәрхана иске түсирилгеннен соң бул жерде жүзлеген жаңа жумыс орынлары жаратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги