«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 30 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында Президент қарары қабыл етилди, деп жазады Ҳуқықый мәлимлеме каналы.

Қарарға муўапық, усы жылдың октябрь айында «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 30 жыллығы мәмлекетимизде кеңнен белгиленеди.

Қарар менен бул илажға таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы ҳәм өткерилетуғын руўхый-ағартыўшылық илажлардың бағдарламасы тастыйықланды.

Шөлкемлестириў комитетине илаждың өткерилиўине байланыслы бир қатар ўазыйпалар жүклетилди.

Атап айтқанда, улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында өзбек тили темасында шығармалар таңлаўы өткериледи.

Сондай-ақ, 21-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы көркем өнер сарайларында Нызам қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажлары шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги