Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесинде 7-октябрь – Дүнья жүзилик «Мүнәсип мийнет күни»не бағышланып дөгерек сәўбети өткерилди.

Онда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Мәмлекетлик мийнет ҳуқық инспекциясы баслығының орынбасары Д.Уразбаев, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы Басқармасының бизнес жойбар жазыўда жәрдемлесиўши сектор баслығы Б.Қутлымуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, быйылғы «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде мийнет саласына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге киргизилген өзгерислерди таныстырып өтти.

Сондай-ақ, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў ҳәм оларды ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаўда Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, бәнтлик, мийнет ҳақы, мәжбүрий мийнетке жол қоймаў, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик саласында кәсиплик аўқамларының ўазыйпалары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип мийнет принциплериниң толық тәмийинлениўине айрықша итибар қаратылып, мийнет ресурсларының социаллық қорғалыўын күшейтиўде системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң 15 Конвенциясының ратификация етилгени ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша комплексли илажлардың избе-излик пенен әмелге асырылыўы ҳәм соның нәтийжесинде мәмлекетимизде мийнет, бәнтлик ҳәм халықтың социаллық қорғалыўы саласында конвенция талапларынан да абзалырақ нызамшылық базасы жаратылғанлығы ҳәм оның удайы түрде жетилистирилип барылыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимизде ҳүкимет, жумыс бериўши ҳәм кәсиплик аўқамлары арасындағы социаллық бирге ислесиўде алып барылып атырған жумыслардың барлығы мүнәсип мийнет турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған.

Сондай-ақ, Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте Өзбекстанда 2017-2020-жыллар ушын мүнәсип мийнет бойынша мәмлекетлик бағдарламаның избе-из әмелге асырылып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.