USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 16 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ТҮРКИЙ ТИЛЛЕС МӘМЛЕКЕТЛЕР БИРГЕ ИСЛЕСИЎ КЕҢЕСИНИҢ БАС ХАТКЕРИН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-октябрь күни Түркий тиллес мәмлекетлер Исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси ҳәм Инвестиция форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизге әмелий сапар менен келген Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдат Амреевти қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Түркий кеңес арасындағы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекетимиз усы жылы 14-сентябрь күни 2009-жыл 3-октябрьде қол қойылған Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў Кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван келисимин ратификациялады ҳәм шөлкемниң усы жылы 15-октябрь күни Баку қаласында болып өтетуғын жетинши саммитинде толық ҳуқықлы ағза сыпатында қатнасады.

Өзбекстан ҳәм Түркий кеңес мәмлекетлерин әзелден тек ғана мәденият, тил, мәнәўияттиң бирдей екенлиги емес, ал дәстүрий дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған қатнасықлар байланыстырып туратуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда Түркий кеңестиң биринши гезекте саўда, инвестициялар, инновациялар, транспорт, туризм, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар сыяқлы әҳмийетли бағдарларда әмелий шерикликти раўажландырыўға жәрдемлесетуғын нәтийжели регионаллық структура сапасындағы потенциалға жоқары баҳа берилди.

Түркий кеңестиң бас хаткери Өзбекстан Республикасы Президентине шын кеўилден қабыл еткени ушын терең миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимиз Кеңеске толық ҳуқықлы ағза сыпатында кириўи менен қутлықлады.

Өзбекстанның ағза болыўы шөлкем шеңберинде көп тәреплеме нәтийжели бирге ислесиўди және де жедел раўажландырыўға хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Бағдат Амреев Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында, экономиканы либералластырыў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.

Өзбекстан сырт елли шериклер менен узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды раўажландырыўда, дәслеп, қоңсылас мәмлекетлер менен дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў бағдарында үлкен табысларға ерисип атырғанын айрықша атап өтти.

Жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Түркий кеңестиң болажақ саммитине таярлықтың барысы ҳаққында мағлыўмат берди ҳәм Кеңес пенен Өзбекстан арасында нәтийжели қатнасықларды раўажландырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенин атап өтти.

 

ӨзА