Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-октябрь күни халықты үзликсиз ыссы суў ҳәм ыссылық қуўатлылығы менен тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.

Бүгинги күнде қазанханалар ҳәм ыссылық тармақларының белгили бир бөлегиниң ескиргени, айырымлары пайдаланыў ушын жарамсыз жағдайға келип қалғаны атап өтилди. Атап айтқанда, усы тараўға ҳәзирги күнге шекем сырт ел инвестицияларының улыўма тартылмағаны қолда бар имканиятлардың жетерли дәрежеде иске қосылмағанлығын көрсетеди.

Жыллар даўамында технологиялық модернизациялаў жумысларының әмелге асырылмағанлығы себебинен тармақ дәраматының 85 проценти жанылғы-энергетикаға жумсалмақта. Тармақтағы жоғалтыўлар болса 35-40 процентке жеткен. Энергия ресрусларының қәрежети ҳәм төлемлердеги теңсалмақлылықтың сақланбаўы ақыбетинде кредитор ҳәм дебитор қарыздарлық жүзеге келмекте.

Сол себепли Президентимиз тараўды түп-тийкарынан реформалаў бар қуўатлықларды жаңалаў ҳәм басқарыўды жетилистириў ўазыйпаларын белгилеп берди.

Сапалы ыссылық тәмийнаты системасын жолға қойыў ушын, бәринен бурын, тармақ кәрханаларын модернизациялаў, бунда Австрия, Дания, Германия, Финляндия тәжирийбеси тийкарында энергия үнемлеўши және көп мақсетли технологияларды кеңнен қолланыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул системаның абзаллығы сонда, үлкен қаржы есабынан ислеп шығарылған ыссылықтан циркуляр түрде қайта-қайта пайдаланыўға болады. Мәселен, Ташкент қаласының ыссылық тәмийнатын усындай «жабық система»ға өткериў жылына 300 миллиард сум муғдарында 3 миллион гигакалория ыссылық жоғалтыўының алдын алады, ҳәзирги ўақытта 160 миллиард сум көлеминдеги 320 миллион куб метр тәбийғый газ және 25 миллиард сумлық 85 миллион киловатт электрды қысқартыў имканиятын береди.

Мәжилисте 12 қаладағы 5 мыңға шамалас турақ жайдың орайласқан ыссылық тәмийнатын тиклеў ҳәм оларды «жабық система»ға өткериў, атап атйқанда, Бухара ҳәм Шыршық қалалары бойынша тендер саўдаларын жуўмақлап, 2020-жылда пайдаланыўға тапсырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, келеси жылы Әндижан, Самарқанд қалалары ҳәм пайтахтымыздың Сергели районы бойынша жойбарларды әмелге асырыў, Бунда Жәҳән банкиниң 140 миллион доллар кредитинен нәти йжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банкиниң 150 миллион доллар кредити есабынан Ташкент қаласының Мырза Улығбек ҳәм Миробод районларындағы ыссылық тәмийнаты тармағын модернизациялаў, Бухара, Ферғана, Қувасай, Үргенш ҳәм Нөкис қалаларында жаңа технологияларды енгизиў жойбарына Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң 780 миллион доллар кредитин тартыў ўазыйпасы қойылды. Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң 55 миллион доллар қаржысы есабынан Ангрен ыссылық станциясын модернизациялаў бойынша да тапсырмалар берилди.

Тармаққа базар механизмлерин кеңнен енгизиў арқалы саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Буның ушын, бәринен бурын, тарифлер еркин болыўы керек. Сол себепли тараўдың инвестициялық көркемлилигин арттырыў, келеси жылдан Ташкент қаласы ыссылық тәмийнаты системасына мәмлекетлик-жеке меншик шериклик кәрханаларын тартыў илажлары белгиленди.

Жоғалтыўларды сапластырыў ҳәм нормадан зыят тутыныўды кемейтиў мақсетинде ыссылық энергиясын есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң халқы 119 қала ҳәм 11 мыңнан аслам аўыллардағы дерлик 6 миллионға шамалас ҳәўли жайларда жасайды. Оларды гүзги-қысқы мәўсимде ыссылық пенен тәмийинлеў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Турақ жай коммуналл хызмет көрсетиў министрлигине тек ғана көп ханалы турақ жайлар менен шекленбей, барлық турғынларды ыссылық тәмийнаты менен қамтып алыў, бул бағдардағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Тараўда басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў, жедел инвестицияларды тартыў ушын Турақ жай коммуналл хызмет көрсетиў министрлигиниң структурасын жетилистириў, ыссылық тәмийнаты кәрханаларын айрықша акционерлик жәмийетине бирлестириў бойынша усыныслар берилди. Бул акционерлик жәмийети объектлерди эксплуатациялаў менен бирге, жаңа жойбарларды қәлиплестириў, оларға халықаралық финанслық шөлкемлердиң қаржыларын тартыў менен шуғылланады.

Мәжилисте бул тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың соңғы нәтийжеси халқымызды разы етиў, адамлардың турмыслық дәрежеси ҳәм сапасын жақсылаў, олардың исенимин ақлаўдан ибарат екенлиги айрықша атап өтилди.

Өткен дәўирде берилген тапсырмалар бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды ҳәм келешекте әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

ӨзА