Елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, өндиристи раўажландырыў, импорт орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған товарларды ислеп шығарыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда Президентимиз тәрепинен бир қатар қарарлар қабыл етилип, бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер жаратылған.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, бажыхана уйымлары тәрепинен усы жылдың өткен дәўири ишинде сыртқы экономикалық байланыс қатнасыўшыларына белгиленген нызам ҳүжжетлерине муўапық, бажыхана төлемлери бойынша 775 миллиард 760 миллион сумнан аслам жеңилликлер қолланылған. Усы жеңилликлердиң тийкарғы бөлеги инвестициялық бағдарлама ҳәм өндиристи раўажландырыў бойынша сырт еллерден алып келинген әсбап-үскенелерге қоланылғанлығы менен әҳмийетли.

Бажыхана уйымлары хызметкерлери исбилерменлер менен ушырасып, машқалаларын үйрениў, оларға бажыхана тараўындағы қабыл етилип атырған соңғы ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде турақлы түрде көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилмекте.

Бажыханашылар жақында Нөкис қаласында жумыс баслаған «Nukus med tex» қоспа кәрханасында болып, ол жердеги жумыслардың барысы менен жақыннан танысты.

Уллыбритания мәмлекетиниң «Medical capital» кәрханасы менен биргеликте, 4 миллион 900 мың АҚШ долларлық инвестиция есабынан жақында иске түскен бул қоспа кәрхана жылына 240 миллион дана бир мәртелик шприц ҳәм 160 миллион дана система шлянгаларын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Сондай-ақ, операция ислеўде пайдаланылатуғын қолқапларды ислеп шығарыў жолға қойылған болып, келешекте гимодиализ аппаратын ислеп шығарыў бойынша Қытайлы исбилерменлер менен шәртнамалар дүзилген.

Кәрханада 200 жумыс орны жаратылған болып, хызметкерлер еки сменада жумыс ислемекте.

Тийкарғы шийки зат ҳәм үскенелер ушын коммерциялық банктен 25 миллиард сумлық кредит есабынан жумыс баслаған бул кәрхана өз өнимлерин усы айдан баслап экспортқа шығарыўды режелестирмекте.

Өнимлер тийкарынан Қазақстан, Россия ҳәм Қытай мәмлекетлерине экпорт етиледи.

Ушырасыўда басқарма басшылары ҳәм жуўапкер қәнигелери елимизде исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, исбилерменлик субъектлери ушын қолай шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Өндиристи хошаметлеў арқалы экспорт көлемин кеңейтиў, бул бойынша жергиликли ислеп шығарыўшыларға ҳәр тәреплеме көмеклесиўге бажыхана уйымлары таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыўда кәрхана басшылары ҳәм қәнигелери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.