Мәмлекетимизде рәсмий сапар менен келген Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко 3-октябрь күни Бухараға барды.

Жоқары мәртебели мийманды Бухара халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Бухара ўәлаятының ҳәкими Ўктам Барноев күтип алды.

Россия Федерациясы парламентиниң делегациясы ўәлаят пенен танысыўды Когон районындағы Баҳаўатдин Нақшбанд комплексинен баслады.

9.jpg

Бухара – уллы уламалар, атап айтқанда, ислам дининиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан пирлер ҳәм әўлийелерди камалға келтирген әййемги топырақ. Ғәрезсизлик жылларында ата-бабаларымыздың бай мийрасын үйрениў, естелигин ҳүрметлеўге айрықша итибар қаратылды. Мине усындай уллы ата-бабаларымыздан бири, тәлийматы кәмил инсан тәрбиясы менен үзликсиз байланыслы Баҳаўатдин Нақшбандтың қәбири жайласқан үлкен аймақ та абаданластырылып, зыярат етиў орнына айлантырылды. Россиялылар бул орын менен танысып, Нақшбандия тарийқатының өзине тән өзгешеликлери бойынша толық мағлыўматқа ийе болды.

Буннан кейин мийманлар узақ тарийхқа ийе сийрек ушырасатуғын архитектуралық естеликлер менен дүнья жүзине белгили Бухара қаласы менен танысты. Олар Ләби ҳәўиз комплекси, ондағы Нодир Деўанбеги медресесин тамашалады. Бул жерде мийманларды ўәлаят орайындағы 2-улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары күтип алды. Жаслардың бахытлы балалық ҳәм Ўатанды жырлайтуғын шығыўлары Россия делегациясының ағзаларын қуўандырды.

13.jpg

Уллы жипек жолында жайласқан Бухара әзелден өзиниң бийтәкирар өнерментшилиги менен белгили. Мийманларда комплекстиң аймағында ата-бабалардың дәстүрлерин даўам еттирип атырған халық усталарының шеберлик пенен исленген қол жумыслары үлкен тәсир қалдырды.

Делегация ағзалары Минарай Калон, Мешити Калон ҳәм Мир Араб медресесин өз ишине алған Пойи Калон комплексине де барды.

Сапар соңында Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко Өзбекстанға, соның ишинде, Бухараға еткен сапары ҳаққында ғалаба хабар қуралларына интервью берди.

– Елиңизге еткен сапарымыз тәсирлерге бай болды. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда үлкен унамлы өзгерислерге ерисилгенлигине гүўа болдық, – деди Россия Федерациясы парламенти жоқарғы палатасының баслығы – Өзбекстан ашық демократиялық жәмийет қурыўға анық қәдем тасламақта. Экономиканы раўажландырыўдың тйикарғы факторларынан бири болған тартымлы инвестициялық орталық жаратылғаны, салық тараўындағы реформалар исбилерменликти раўажландырыўға, сырт ел инвесторларының елиңизге инвестиция киргизиўге қызығыўшылығын барған сайын арттырмақта. Бүгин мәмлекетиңизде Россия компаниялары да жедел ислеспекте. Жаслар – мәмлекеттиң келешеги. Мәмлекетиңиз халқының 60 проценттен асламы 30 жасқа шекемги болған нәўқыран жас әўлад қурайды екен. Президент Шавкат Мирзиёевтиң мине усы қатламға үлкен итибар қаратып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим. Әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыў, балаларды мектепке таярлаўда оларды усы тараўға қамтып алыў дәрежесин арттырыўда көлемли жумыслардың исленип атырғанынан хабарым бар. Улыўма орта билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўдиң сапасын халықаралық стандартлар тийкарында жоқары дәрежеге көтериўге үлкен инвестиция жумсалып атырғаны итибарлы болып есапланады. Және бир тәрепи. Өзбекстан пайтахты жаңа дөретиўшилик жумыслардың есабынан шырайланып атыр. Мине бундай дөретиўшилик жумыслардың көлемин Бухара қаласының жаңа бөлегинде көплеген заманагөй турақ жайлардың қурылып атырғанында да көрдим. Булар халықтың абаданлығына, жасаў шараятларын және де жақсылаўға хызмет ететуғыны сөзсиз. Өзбекстан Россияның хақыйқый стратегиялық шериги болып есапланады. Мәмлекетлеримиз Президентлери узақ келешекти гөзлеп алып барып атырған сиясаты себепли еки мәмлекет арасында көп тәреплеме байланыслар раўажланбақта. Соның ишинде, экономика тараўында товар айланысының көлеми жедел артпақта. Бирақ бул бағдарда имканиятлардан және де кеңирек пайдаланыўымыз зәрүр. Мәселен, тиккелей регионлараралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўда парламентлеримиздиң бирге ислесиўи де үлкен әҳмийетке ийе. Бизлер бул ҳаққында Олий Мажлис Сенатында пикирлесип алдық.

Россия Федерациясы парламентиниң делегациясы сол күни Бухара халықаралық аэропортынан Москваға ушып кетти.

22.jpg

Эркин ЁДГОРОВ,

ӨзАның хабаршысы