USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БУЛ ИМТИХАН БӘРШЕМИЗГЕ БАҲА БЕРЕДИ

Сайлаў – 2019

«Өзбекстанның жаңаланған сайлаў нызамшылығы – демократиялық сайлаўларды өткериўдиң тийкары». Олий Мажлис Нызамшылық палатасының  басламасы менен шөлкемлестирилген халықаралық анжуман усы темаға бағышланған. Илаж Орайлық сайлаў комиссиясы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Өзбекстандағы жойбарларының координаторы және БМШның мәмлекетимиздеги ўәкилханасы менен биргеликте өткерилди.

Парламенттиң төменги палатасы депутатлары, сенаторлар, Орайлық сайлаў комиссиясы, ЕҚБШ ҳәм БМШның Өзбекстандағы ўәкилханасының ўәкиллери, сырт мәмлекетлер және мәмлекетимиздиң экспертлери сөйлесиўдиң тийкарғы қатнасыўшылары болды.

Әнжуманда пикирлесиўлер, додалаў ҳәм пикир таласлардың тийкарғы тематикасы жаңаланған сайлаў нызамшылығы тийкарында  сайлаўларды шөлкемлестириў және өткериў менен байланыслы мәселелерге қаратылды. Усы мақсетте Орайлық салаў комиссиясының баслығы Мирзо-Улуғбек Абдусаломов халықаралық ҳәм сырт ел экспертлерин дәслеп болажақ сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы айырым жаңалықлар менен таныстырды.

– Бириншиден, Өзбекстанның миллий сайлаў системасына Сайлаў процессин басқарыў мәлимлеме системасы ҳәм Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими енгизилди, – деди М.Абдусаломов. – Екиншиден, сайлаўлар бойынша кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў жумыслар жетилистирилди. Сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў әмелиятында биринши мәрте барлық дәрежедеги сайлаў комиссияларының ағзалығына талабанлардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға қаратылған жумыслар 8 басқышлы «каскад» усылында шөлкемлестирилди. Быйылғы сайлаўларда 16 мыңнан аслам сайлаў округи ҳәм сайлаў участкасын дүзиў режелестирилген. Усы ўақытқа шекем  70 республика тренери ҳәм аймақларда 748 «район тренерлери» топары шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытқа шекем тренерлер тәрепинен 51 мыңға жақын сайлаў комиссияларының баслығы, орынбасары ҳәм хаткери оқытылды. Сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша семинар-тренинглерде жәми  170 мыңға шамалас сайлаў комиссияларының ағзасы өз билим ҳәм көнликпелерин арттырады.

Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының мағлыўмат бериўинше, сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер – қолланба, регламент ҳәм режелерди ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў жумыслары өз жуўмағына жетпекте. Сайлаў комиссияларының ағзалары тезлик пенен пайдаланыўы ушын арнаўлы «Сайлаў-2019» мобиль қосымша ислеп шығылды.

ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша Бюросының Талапларды баҳалаў Миссиясы сайлаў алды орталығы ҳәм оларға таярланыў процесин, мәмлекетимизде еркин ҳәм демократиялық сайлаўлар өткерилиўин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған илажларды унамлы баҳалады. Парламент сайлаўларына толық бақлаў миссиясын жибериў нийетин билдирди.

Сондай-ақ, алдынғы парламент сайлаўларында ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша Бюросы шекленген миссиясының отызға шамалас бақлаўшысы қатнасқанын атап өтиў керек. Быйылғы сайлаўларды Бюроның үш жүзге шамалас, соның ишинде, 30 узақ мүддетли ҳәм 250  қысқа мүддетли бақлаўшының бақлап барыўы күтилмекте.

Әнжуманда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Демократиялық институтлар мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң баслығы Акмал Саидов «Сайлаў кодекси – демократиялық сайлаўлар өткериўдиң тийкары» атамасындағы баянатында сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

– Бул ҳүжжет мәмлекетимиздеги он сегизинши кодекс болып есапланады, – деди А.Саидов. – Кодекстиң жойбарын таярлаў процесинде жумысшы топар тәрепинен 20 дан аслам мәмлекет, соның ишинде, Франция, Нидерландия, Канада, Италия, Швейция, Бельгия, Польша, Албания, Беларусь, Әзербайжан, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси және усы тараўдағы халықаралық стандартлар пуқта үйренип шығылды. Сайлаўға байланыслы 10 нан алсам халықаралық ҳүжжет ҳәр тәреплеме талланып, олардың тийкарғы идея ҳәм стандартлары жойбар нормаларына терең сиңдирилди. Инсан ҳуқықлары бойынша пүткил дүньялық декларациясы, Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы пакт, ЕҚБШның инсаныйлық нормалары ҳаққындағы ҳүжжетлери усылар қатарына киреди.

Сайлаў кодекслери қабыл етилген дүньяның 40 мәмлекетиниң қатарына ендигиден былай Өзбекстан да қосылды. Ал, миллий сайлаў системасында нелер өзгермекте? Атап айтқанда, барған сайын жақынласып киятырған Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўлар бурынғыларынан қайсы тәрепи менен парқланады?  Қатнасыўшылардың, әсиресе, халықаралық экспертлердиң дыққат орайында болған бул сораўларға ҳәр тәреплеме анықлық киргизилди.

– Әмелге киргизилген жаңалықлар, өзгерислер көп ҳәм олардың ҳәр бири әҳмийетли, – деди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Жаҳонгир Ширинов. – Соның ишинде, парламент Нызамшылық палатасында депутатлық орынлары ушын Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ўәкиллерине квота ажыратыў институты сайлаў нызамшылығынан шығарып тасланды. Сиясий партиялар тәрепинен имза жыйнаў процесинде сайлаўшыларға бир ямаса бир неше талабанларды ямаса партияларды қоллап-қуўатлап қол қойыў ҳуқықы берилди. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер тәрепинен участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар бойынша усыныс киргизиў тәртиби енгизилди. Социаллық қәўпи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр болмаған жынаятларды ислеген шахсларға сайлаўда қатнасыў ҳуқықы берилди. Сайлаўшылардың дизимине өзгерислер киргизиў сайлаўға үш күн қалғанында тоқтатылатуғын болды. Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеси депутатлығына талабанлардың исенимли ўәкиллериниң саны 3 ўәкилден 5 ўәкилге көбейтилди. Тексериў жумысларын баслаўда барлық талабанлар ушын бирден-бир мүддет, яғный оларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертеңинен баслап басланатуғыны белгиленди.

Конференцияның жумысында сайлаўлар бойынша халықаралық эксперт Рената Левовски баянат жасады. Эксперт өз баянатында демократиялық сайлаўлар өткериў бойынша халықаралық тәжирийбе ҳәм әмелият ҳаққында мағлыўмат берди. Онда атап өтилиўинше, Өзбекстанда сайлаўларды демократиялық принциплер тийкарында өткериўде сайлаў кодексиниң қабыл етилгени және сайлаўлар менен байланыслы нызам ҳүжжетлериниң жетилистирилгени бул сиясий процеске жаңа руўх берди. Сондай-ақ, сайлаў процесслери және де ашық-айдынлық руўхта өтиўин тәмийинлейтуғын жаңа, алдынғы әмелиятты енгизиўди ҳуқықый жақтан кепиллейди.

ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша Бюросының Талапларды баҳалаў Миссиясының сайлаў бойынша кеңесгөйи Ульви Ахундлудың пикиринше, ҳеш бир мәмлекетте пуқта сайлаў нызамшылығы ҳәм ҳәр тәреплеме жетик сайлаўлар жоқ. Бирақ, бар кемшиликлер системаны және де жетилистирип барыўға жәрдем береди.

– Мәмлекетиңизде 2016-жылда болып өткен Президентлик сайлаўларын тиккелей бақлап, бул бойынша пикирлеримизди 2017-жылда Орайлық сайлаў комиссиясына есабат түринде усынған едик, деди У.Ахундлу. – Онда келеси сайлаўларды қандай шөлкемлестириў бойынша пикир ҳәм усынысларымыз да сәўлеленген. Усы тийкарда өткен ўақыт даўамында Орайлық сайлаў комиссиясы менен турақлы түрде байланыста болдық. Атап айтқанда, Сайлаў кодексиниң жойбары еркин халықаралық экспертиза ушын бизге жиберилгенде оны жетилистириўге байланыслы усыныс, тийисли шешим ҳәм пикирлеримизди де билдирген едик. Олар кодекстиң қабыл етилиўинде итибарға алынды. Мәмлекетиңиз сайлаў системасының жетилисип баратырғанын  барқулла бақлап, гүўасы болып атырмыз. Мәселен, сайлаўшылардың бирден-бир электрон базасы жаратылғаны бизде үлкен қызығыўшылық оятты. Бул сыяқлы жаңалықлардың нәтийжесине сайлаў күни исеним билдиремиз деп ойлайман.

Халықаралық әнжуман өз жумысын еки бағдарда даўам еттирди. «Сайлаў кодекси – партиялараралық бәсекини тәмийинлеўдиң кепили» атамасындағы бағдарда жаңаланған сайлаў нызамшылығының талаплары тийкарында партиялардың сайлаўлардағы қатнасы ҳәм партиялараралық бәсеки мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сайлаўлардың процесслерин жарытыўда ҒХҚның қатнасы және усы процесслерди жарытыўда сайлаў ҳәм мәлимлеме нызамшылығы талапларына әмел етиў мәселелери де «Сайлаў кодекси – сайлаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўдиң кепили» атамасындағы бағдардан орын алды.

Сайлаў тек ғана мәмлекет ушын сынақ емес. Бул сиясий процесс сайланыўшы ҳәм сайлаўшылар ушын да имтихан. Өйткени, мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, «Сайлаў процесслеринде ҳәммемиздиң, бәринен бурын, дүнья танымымыз, сиясий ҳәм ҳуқықый мәдениятымыз, гражданлық позициямыз және бир мәрте көринеди». Демек, халқымыздың тәғдири, елимиздиң келешеги алдындағы миннетимиз, жуўапкершилигимиз, потенциалымыз усы жылдың  22-декабрь күни өз баҳасын алады.

 

Феруза МИРЗАКОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы